Кинорежиссёр Нозим Тўлахўжаев «Өзбеккино» миллий агентлигиниң буйыртпасы тийкарында «Танҳо қайиқ» көркем фильмин сүўретке алды, деп жазбақта ӨзА.

Кино шығарманың сюжетине муўапық, Арал бойындағы ҳеш ким жасамайтуғын аўылда қайық соғатуғын уста бир ғарры жалғыз күн кеширеди. Ол дөгеректеги аўыллардан бийкар жүрген жигит-желеңлерди қасына алып, оларға ата-бабалардан қалған усы әййемги кәсипти үйретеди ҳәм усы қатарда шын мәнисиндеги адамгершиликтен сабақ береди. Теңиз болса жүзлеген километр артқа шегинген.

Бирақ, қарыя бир күнлери оның суўға толыўына исенеди. Бул әпиўайы әрман ямаса исеним емес. Ғаррының пикиринше, «буның ушын биз – адамлар ҳадал, инсаплы ҳәм жоқары пазыйлетли болып жасаўға ҳәрекет етсек болғаны».

Фильм дөретиўшилериниң атап өтиўинше, Арал апатшылығы бир себеп, шығарма негизинде инсан кеўлиниң қараўытып, қурып-сайызланып барыўынан пайда болатуғын апатшылықлар ҳаққында сөз етеди.

Картинада Ражаб Адашев, Гүлсәнем Абатбаева, Бунёд Раҳматуллаев, Мурод Насимов, Озодбек Ҳуррамов, Сарвар Илҳомов, Бобур Йўлдошев, Шодия Абдуқодирова, Дилором Каримова сыяқлы актёрлар роль атқарған.

«Танҳо қайиқ» көркем фильминиң постановкашы операторы – Оскар Бахтеев, постановкашы художниги – Шуҳрат Абдумаликов, композиторы – Дмитрий Янов-Яновский.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.