24-январь күни Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында устаз художниклер менен бир қатарда жас талант ийелериниң көркем сүўретлери орын алған «Гүмис қыс» атамасындағы көргизбе ашылды.

9 автордың үлкемиздеги қыс мәўсиминиң өзине тән көринислери, тәбиятымыздағы таң қаларлық қубылыслар өз сәўлелениўин тапқан 26 картинасы көргизбеге қойылған.

Көргизбени өткериўден мақсет – елимиздиң гөззал тәбиятының қунлылығын, мәўсимге тән баҳалылық дәрежесин, қыс мәўсиминиң пайызлы көринисин көрсетиў арқалы жас әўлад санасында үлкемиздиң тәбиятына мухаббат сезимин беккемлеў болып табылады.

 

 

Оның ашылыў мәресиминде Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, Ж.Лепесов, Өзбекстан көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосинов,  Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Утегенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бундай көргизбелер өсип киятырған жас әўладтың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў арқалы оларда ана-Ўатанға сүйиспеншилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет сезимлерин оятыўға хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Көргизбеден С.Байбосиновтың «Қысқы көл», «Байсун», «Шарбақта қыс», Ж.Лепесовтың  «Қарлы қыябан», «Қарлы күн», «Қарлы жол», «Қызкеткен жағасында қыс», «Қарлы көше», «Қарлы жай», Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы А.Раджабовтың «Арзыў», М.Жәримбетовтың «Қыраўлы», «Аязлы ақшам», С.Қутлымуратовтың «Қыс», А.Қудайбергеновтың «Қаштық бул жерден», «108-бурылманың қасқырлары», жас талантлы художниклерден Б.Серекеевтиң «Индонезия қызы», «Ахметтиң портрети», «Ташкент», «Мойнақ көшеси», «Биринши қар», С.Бекбаўлиевтиң «Шылпық көриниси», «Биринши қар», Ж.Төрежановтың «Натюрморт», «Қыс көриниси» атамасындағы дөретиўшилик жумыслары орын алған.

 

 

– Ҳәр жылы дәстүрий өткерилетуғын бул көргизбеде қыс мәўсиминдеги тәбият көринисин, аўыл ҳәм қала пейзажын май бояўлар арқалы сүўретлеген дөретпелеримизди усынамыз, -дейди художник Ж.Лепесов. – Көргизбеден жасларымыз мол руўхый азық алыўына болады. Бул картиналарда сәўлеленген тәбият, орынлар, тереклер, көринислер ҳәзир улыўма өзгерип, ҳәттеки улыўма жоқ болып кеткен. Усы көркем дөретпелерди тамашалаў арқалы халқымыздың қарды көриўге болған сағынышы басылады, деп ойлайман.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.