ӨзАның хабар бериўинше, Өзбекстанның барлық аймақларында жеңил конструкциялы материаллардан 700-1000 орынлық үлкен сыйымлылықтағы имаратлар ҳәм объектлер қурылысын шөлкемлестириў, оларды заманагөй видеобақлаў камералары, аудиожазыў және мобиль байланысларды шеклейтуғын қурылмалар менен үскенелеў жобасы бойынша да таярлық жумыслары алып барылмақта.

Имаратлар пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жыл даўамында тест сынақларын өткериў имканияты жаратылады.

Ҳәзирги ўақытта дерлик барлық аймақларда белгиленген көлемде жер майданлары ажыратылған, имаратлардың үлги эскиз жойбарлары тастыйықланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.