Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте.

Абырайлы әнжуман шеӊберинде шөлкемлестирилип атырған илажларда қатнасып атырған сырт елли делегация ўәкиллериниӊ пикирилери менен қызықсындық.

– Форумныӊ жалпы сессиясы ҳәм усы шеӊбердеги басқа илажларда қатнастық, – дейди БМШ Бас хаткери орынбасары, Европа экономикалық комиссиясы Атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан. – Процессти бақлап бул әнжуманныӊ абырайы жылдан-жылға артып баратырғанын көриў мүмкин. Қатнасыўшылардыӊ саны кескин көбейгенине итибар қаратыў керек. Мәмлекетиӊизде үлкен имканиятлар бар. Мениӊше, биргеликте бул имканиятлардан кеӊнен пайдаланыў жолларын көрип шығыўдыӊ әйне ўақты.

Өз алдына реформалар алып барыўы мүмкин, бирақ биргеликте нәтийже жақсылаў болады. Өнимлерди экспорт-импорт етиў, раўажланыўға ерисиў ушын дурыс инфраструктураға ийе болыў да бул үлкен әҳмийетке ийе. Сонда нәтийжеге ерисиў процеси узақ даўам етпейди. Солай екен, форум ҳәм оныӊ шеӊберинде шөлкемлестирилип атырған илажлар даўамында алға қойылған басламалар оғада әҳмийетли. Бул регион ушын да әҳмийетли.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-май күни Ташкент халықарылық инвестиция форумы шеӊберинде Татьяна Молчанды қабыл етти. Регион ҳәм мәмлекет көлеминдеги жойбарларды әмелге асырыў, өткен жылдыӊ ноябрь айында Баку қаласында БМШ тыӊ Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарламасыныӊ (СПЕКА) биринши саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

ӨзА