Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа аймақлық бюросының мағлыўматына қарағанда, Қытай Халық Республикасында коронавирустың жаңаша типи жүзеге келген.

Қытайдың Ухань қалалық денсаўлықты сақлаў комитети 2019-жыл декабрь айының ақырында Хубэй провинциясында намәлим этиологиялы пневмония кеселлиги тарқалғанлығын мәлим етти.

Ухань қаласында жүзеге келген эпидемия ақыбетинде 23-январь күни азанғы ўақыттағы мағлыўматларға қарағанда, 600 ге шамалас адамда коронавирус кеселлиги анықланған ҳәм 17 адам қайтыс болған. Кеселлик Таиланд, Япония, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерде де анықланған.

 

«Kun.uz» басылымының хабар бериўинше, Қытайда коронавирус бойынша эпидемиялық жағдайдың аўырласыўы себепли «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ Медициналық-санитариялық хызмети тәрепинен мәмлекетлик шегараны, әсиресе, Қытайды кесип өткен адамлардың жоқары сападағы медициналық мониторингин әмелге асырыў илажлары көрилмекте.

Вирусологиялық илимий тексериў институтында коронавирус бойынша гүманланған наўқасларды қабыллаў ушын арнаўлы бокс таярлап қойылған. Республикадағы аэропорт ҳәм темир жол вокзаллары санитариялық карантин пунктлеринде усы кеселлик пенен наўқасланғаны гүман етилген наўқас анықланса, оны дәрриў изоляторға изоляциялаў, коронавирусқа лаборатор анализин өткериў ушын үлги алыў тәртиби белгилеп қойылған.

Хабарларға қарағанда, 23-январь күни Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен хабарнама алынған. Хабарнамада Қытайда бақланып атырған коронавирустың дүнья бойлап тарқалып кетиў қәўпи аз екенлиги, қәўетерге орын жоқ екенлиги билдирилген.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң директоры Б.Алматовтың мәлим етиўинше, кеселликтиң Өзбекстанға кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде ҳәр бир шегара пунктлери, соның ишинде, 11 аэропорт тепловизорлар менен үскенеленди, хызметкерлер арнаўлы таярлықтан өткерилди.

Қытай менен Өзбекстан арасында ҳәптесине 11 авиарейс болса, булардың барлығы айырықша қадағалаўға алынған. 37 бажыхана постларына зәрүр көрсетпелер берилген. Ҳәр бир жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 5 еўден қосымша орынлар таярлап қойылды.

Б.Алматовтың қосымша етиўинше, бул кеселликти грипп пенен алжастырып алмаў керек. Коронавирус ҳайўанлар арқалы жуғады ҳәм буннан қорғаўшы вакцина дүнья бойынша елеге шекем ислеп шығылмаған. Бул бойынша енди жумыслар исленбекте.

– Биз тек ғана Қытай жөнелиси бойынша емес, соның менен бирге, республикамызға кирип келиўдиң барлық жөнелислери бойынша эпидемиологиялық қадағалаў орнаттық. Барлық шегара пунктлери зәрүр үскенелер, соның ишинде, тепловизорлар менен тәмийинленген, – деди Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң директоры Б.Алматов.

Мағлыўматларға қарағанда, бул вирус дәслеп 2002-жылы анықланған. Бул коронавирус пенен наўқасланған адам аўыр пневмония ақыбетинде қайтыс болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.