Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Өзбекстан Қорғаныў министрлиги системасындағы барлық мобилизациялық шақырыў резервлери (МШР) батальонлары ҳәм взвод командирлериниң қатнасыўында жаўынгерлик таярлық шынығыўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша оқыў-әмелий жыйын өткерилди.

 

 

Оның мақсети – батальон ҳәм взвод командирлериниң әмелий тәжирийбесин арттырыў, оларға жаўынгерлик таярлық сабақлары бойынша усыныслар бериў ҳәм МШР хызметкерлери менен өткерилетуғын шынығыўлардың сапасын арттырыў болып есапланады.

 

 

Мәжилисте, округ әскерлери сәркардасы Д.Чориев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бир ай даўамында өткерилетуғын оқыў-шынығыўларды сапалы түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

 

 

Атап өтилгенидей, қысқа ўақыт ишинде ҳәр бир шақырылыўшы дәслепки әскерий көнликпелерди ҳәм Ўатан алдындағы миннетли ўазыйпасын өтеўге бәрқулла таяр турыўы тийис.

 

 

Жыйын даўамында гарнизон аймағындағы киши дала-оқыў майданында тәжирийбели офицер ҳәм сержантлардың басшылығында МШР хызметкерлериниң қатнасыўында көргизбели шынығыўлар шөлкемлестирилди.

Күнниң екинши ярымында жыйын қатнасыўшыларының И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине экскурсиясы шөлкемлестирилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.