Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги Өзбекстан «Адолат» СДП депутатлық топарының биринши мәжилиси болып өтти. Оған халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары ҳәм партия белсендилери қатнасты.

 

 

Мәжилисте, партияның аймақлық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 21-январь күнги Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги баянатында белгиленген ўазыйпалар туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.

 

 

Депутатлардың өз сайлаўшылары алдындағы миннетлери атап өтилип, депутатлық топары ағзаларын мәҳәлелердеги сайлаўшылар арасында болып өтетуғын илажларда белсене қатнасыўға шақырды.

Илажда жас депутатлардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.