Муҳаммед Аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Жаслар қанаты тәрепинен филиалдың студент-жаслары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары Б.Қайыпбергенов, Ш.Отемисов ҳәм халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты З.Сейтниязовалар шығып сөйлеп, партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын жасларға түсиндирип, өткен сайлаўдың нәтийжелери, депутатлық статус, олардың ҳуқық ҳәм миннетлери туўралы мағлыўматлар берди.

 

 

Президентимиздиң усы жыл 21-январь күнги Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги баянатында атап өтилгениндей, депутат ең дәслеп, бәрқулла халық дәрти менен жасаўы, адамларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўи ушын пидайылық көрсетип басқаларға үлги болыўы тийис.

– Ушырасыўда партияның Жаслар қанаты тәрепинен жаслардың сиясий белсендилигин арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берилди,-дейди филиал студенти И.Юрсинов. – Усы сыяқлы ушырасыўлар тез-тезден өткерилип турылса мақсетке муўапық болар еди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.