Тахтакөпир районлық әдиллик бөлимине пуқара Р.Н. арза менен мүрәжат етти. Бул ҳаққында ҚР Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Ол өз мүрәжатында өзи басқарыўындағы мәмлекетлик белгиси 70 J 535 NA болған «Cobalt» автотранспортында 2018-жыл 28-сентябрь күни Бухара қаласында, кейинги күни болса Самарқанд қаласында белгиленген тезликти асырғаны ушын – еки жағдайда да 921 500 сумнан жәриймаға тартылғаны, бирақ транспорт басқарыўшысының бул жәриймалардан улыўма хабары болмағанын баян еткен. Сондай-ақ, ол Тахтакөпир районлық Мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлери пуқара Р.Н.ның жасаў мәнзилинде жоқ ўақтында келип, оның шаңарақ ағзаларына жәрийма төлеў шәртлигин, сол себептен үйинде бар болған буйымларды хатлап, шаңарағында кредит есабына алған жаңа газ плитасын ҳәм кондиционер үскенелерин ҳеш бир акт дүзбестен күш пенен алып кеткенлигин жазған.

 

Үйрениў даўамында фоторадар арқалы дизимге алынған ҳәкимшилик нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша жәрийма салыў ҳаққындағы суд қарарлары автомобильдиң ҳақыйқый ийеси Қ.Ш.ға қарата тайынланғанлығы анықланды. Яғный Қ.Ш. тәрепинен Р.Н. атына 2018-жыл 20-сентябрьде AJ 379943 QS санлы исеним хаты (автомашинаны басқарыў ҳәм сатыў ҳуқықы менен) берилген болып, бул исеним хаты тийкарында автомашина пуқара Р.Н. басқарыўында болған.

 

Нызамбузыўшылық жағдайы бойынша Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен өткен жылы 11-февраль күни жәриймаларды өндириў бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросының Қаршы районлық бөлимине жиберилген.

 

Нызамшылыққа тийкар жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын нызамға қайшы ҳәрекет еткен адам жәрийма салыў ҳаққындағы қарар шығарылған күннен баслап 60 күннен кешиктирмей төлеўи белгиленген. Сондай-ақ, Әдиллик министрлигинен 2011-жылда дизимнен өткен Ишки ислер министрлигиниң 2011-жыл 31-майдағы «Жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўына тийисли ҳәкимшилик ислерин көрип шығыў тәртиби ҳаққындағы Қолланбаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы буйрығында «егер ҳәкимшилик жаза қолланыў ҳаққындағы қарар шығарылған күннен баслап үш ай даўамында орынланыўға қаратылмаған (қарар нусқасы ҳуқықбузыўшыға тапсырылмаған, ислеў, жасаў орнына яки мәмлекетлик орынлаўшыға жиберилмеген)  болса, бундай қарар орынланбайды. Бундай жағдай бойынша хызмет тексериўи өткериледи ҳәм айыпкер лаўазымлы тәрепке қарата тийисли интизамый шара көрилип, ол ҳаққындағы мағлыўмат ҳәкимшилик ис ҳүжжетлерине қосып қойылады», – деп белгиленген.

 

Деген менен, Бухара ҳәм Самарқанд  ўәлаятлары ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен белгиленген жәрийма салыў ҳаққындағы қарарлары 60 күн ишинде емес, ал 135 күн өтип, яғный 2019-жыл 11-февральда Қаршы районлық мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилип, орынлаўға қаратылған. Усы тийкарда жоқарыда айтылғанындай Р.Н.ның үйинен мүлклери хатланған.

 

Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен Бухара ҳәм Самарқанд  ўәлаятлары  ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен жәрийма салыў бойынша қарарларды орынлаў мүддети өткеннен соң келген болса да «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының талаплары бузылған.

 

Сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен 2019-жыл 2-июль күни орынлаў исин қозғаў ҳаққындағы қарар қабыл етилген болса да, пуқара Р.Н.ға орынланыў күнине шекем берилмеген. Нусқасы ол шығарылған күнниң ертеңинен кешиктирмей өндириўшиге, қарыздарға, сондай-ақ, ҳүжжети орынлаўы лазым болған суд яки басқа органға жиберилиўи керек еди. Яки мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен пуқара Р.Н.ға орынлаў ҳүжжетиниң ықтыярлы түрде орынланыўы ушын тийисли тәртипте мүддет берилмеген.

 

Жоқарыдағы ҳәрекетлер тийкарында Тахтакөпир районы ҳәкимшилик ислер бойынша судына шағым арзасы киргизилип, судтың 2019-жыл 29-октябрьдеги бийлигине тийкар, районлық әдиллик бөлиминиң пуқара Р.Н.ның мәплерин гөзлеп киргизилген шағымы қанаатландырылды.

 

Жуўмақлап айтқанда, Тахтакөпир районлық мәжбүрий орынлаў бюросының 2019-жыл 2-июльдағы орынлаў исин жүргизиўди қозғаў ҳаққындағы бийлиги ҳақыйқый емес деп табылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.