Жақында Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Алишер Усмановтың басшылығындағы жумысшы топар жаслар турмысын үйрениў мақсетинде Әмиўдәрья районына келди. Олардың қатнасыўында ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар өткерилди.

Жумысшы топар ағзалары – Өзбекстан Республикасының автомобиль жоллары бойынша мәмлекетлик комитетиниң бөлим баслығы О.Жуманиязов, «Ққавтожол» басқармасы баслығының орынбасары Х.Утениязовлардың басшылығында Чайкөл аўылының Қарақыпшақ елатлы пунктинен 22-санлы мектепке шекемги узынлығы 740 метр болған оңлаўға мүтәж жолға тас төгилди. Аўыл жаслары топырақ жолдың үстине тас жайыўға жәрдемлести. Сондай-ақ, жас жигит-қызлар жол қурылысында пайдаланылатуғын арнаўлы техникалар менен таныстырылды. Оларға автомобиль басқарыўшылары тәрепинен бул техникаларды басқарыў усыллары үйретилип, ҳәрекетлениў имканиятлары көрсетип берилди.

Буннан соң, жумысшы топар ағзалары 22-санлы мектептиң жоқары класс оқыўшыларына жол тараўының қәнигелери менен биргеликте жол қурылысы бойынша шеберлик сабақларын өтти. Тийкарынан оқыўшыларды тараўға қызықтырыў, бул бағдарда оларда дәслепки көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде өткерилген илажда оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

–  Президентимиз жаслар менен ушырасыўында «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады» деп атап өткен еди. Биз ҳәзирден-ақ бул сөзлердиң әмелий көринисиниң гүўасы болып атырмыз, -дейди мектептиң Жаслар аўқамы жетекшиси Сарвар Султанов. – Бундай итибар ушын Президентимизге, басшыларға район жасларының атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Илажда белсене қатнасқан оқыўшыларға қымбат баҳалы саўғалар берилип, хошаметленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.