Жақында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Рустам Ҳотамов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары Әмиўдәрья районы жасларының турмысы менен жақыннан танысыў, жасаў шараятын үйрениў, оларды қыйнап атырған машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў мақсетинде  ушырасыў өткерди.

Олар Әмиўдәрья районының Чайкөл аўылында болып, Қарақалпақстан Республикасы «Агрохимияқорғаў» жеке меншик акционерлик жәмийети «Агрохимияқорғаўсервис» акционерлик жәмийетиниң районлық филиалына қараслы алма бағында мийнет етип атырған жасларға жаратылған шараятлар, олардың бағшылықты раўажландырыўдағы жумыслары менен жақыннан танысты.

Президент Ш.Мирзиёевтиң өткен жылы жаслар менен ушырасыўы даўамында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жумысшы топардың басшысы, полковник Р.Ҳотамов экологиялық орталықты жақсылаў, халқымыздың мийўе-овощ өнимлерине болған талабын қанаатландырыў әсиресе, бағшылықты раўажландырыў, қыйтақ жер хожалығын жүргизиў бойынша жасларға мәсләҳәтлер берди. Өзин-өзи бәнт етиў принципи тийкарында ҳәр бир жас өз үйиниң қыйтақ жери, көше ҳәм жол бойларына, бос турған жерлерге мийўели терек нәллерин, олардың аралықларына палыз және овощ егинлерин егиў тек өзи емес, ал, шаңарағы ҳәм әтираптағылар ушын да пайдалы екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ,  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Ҳотамов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов райондағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине, Суў спорты сарайына келип, спортшы жаслар менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында топар ағзалары бул жерлердеги жаслардың барлық спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар, дөгерек жумыслары, оларға спорттың сырларын үйретип атырған тренерлердиң жумысы менен танысты.

Ушырасыўда спорт пенен шуғылланыў жаслардың саламат, күшли, мәрт ҳәм шыдамлы болып камалға келиўине хызмет ететуғыны, елимизде спортты раўажландырыўға қаратылған айрықша итибардың нәтийжесинде жасларымыздың жәҳән ҳәм континент көлеминдеги беллесиўлерде табысқа ерисип атырғаны атап өтилди.  Әмиўдәрьялы спортшылар өз гезегинде мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар, спорт жарысларында ерисип атырған жеңислери туўралы айтып берди.

– Жаслар елимиздиң ертеңги күни. Сол себепли олардың келешекте кәмил инсанлар болып камалға келиўи ушын бизлер де жуўапкермиз, – дейди «Ўзбек жанг санъати» спорт түри бойынша тренер Мурат Сапарбаев. – Районымызда да жас әўладтың тәрбиясы, олардың билим алыўы, руўхый, физикалық, жәмийетлик потенциалын арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Ушырасыў соңында райондағы 16 жасқа толған 5 жасқа биометрикалық паспортлары салтанатлы түрде тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.