22-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде америкалы тренер-оқытыўшылар Шэннон Роач, Жилл Тайсон, Граҳам Дейри ҳәм Эмма Уилбур қатнасыўында институт профессор-оқытыўшылары ҳәм магистрантлары ушын илимий-методикалық семинар өткерилди.

Семинар шет тилин үйрениўге болған қызығыўшылықты арттырыўда қосықлардан пайдаланыў, жазыў көнликпелерин пайда етиў ҳәм оқытыўда инновациялық билимлендириў технологиялары және оларды әмелиятта қолланыў, эссе түрлери, шет тили сабақларын жобаластырыўды раўажландырыў мәселелерине бағышланды.

Семинар заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық ҳәм педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда қызықлы және интерактив тәризде даўам етти.

Илаж соңында институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов, факультетлер аралық шет тиллери кафедрасының баслығы Н.Бабаниязова ҳәм америкалы тренер-оқытыўшылар қатнасыўында кафедра жанындағы китапхананың рәсмий ашылыў салтанаты болып өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.