Усы жыл 13–июнь күни Ташкент қаласында суд уйымлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Оған Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр, Судьялар жоқарғы кеңесиниң ағзалары, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, елимиздиң ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық судлардың судьялары қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы өткен мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлардың, Ташкент қаласының, қалалардың ҳәм районлардың ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары аймақлық бөлимлериниң басшылары, ветеранлар, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы әдалатлық халқымыз ушын әзел-әзелден тыныш ҳәм абадан турмыс өлшеми, барлық жақсылықлардың дәреги болып келгенин, Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыздың «Күш-әдилликте» деген даналық сөзине әмел етип, мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, ел-журттың тынышлығын ҳәм абатлығын тәмийинлеўге ерискенин атап өтип, бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы болған суд системасының орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен. Бул ҳақыйқатты биз бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге қаратылған кең көлемли реформалар процесинде барған сайын терең сезбектемиз, деди Президентимиз.
Мәжилисте ғәрезсизлик жылларында елимизде суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеў ҳәм абыройын арттырыў, оны бурынғы жазалаўшы уйымнан инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғайтуғын, жәмийетттеги демократиялық өзгерислердиң әҳмийетли қуралы болған институтқа айландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Бул бағдарда еле өз шешимин таппаған кемшиликлер менен машқалалар ҳәр тәреплеме талқыланып, әҳмийетли әмеллий жуўмақлар шығарылды.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип белгиленген. Ҳәрекетлер стратегиясының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен Конституциямыздың 7-статьясына суд-ҳуқық саласындағы реформаларға байланыслы принцпиалллық өзгерислер киргизилгени, судьялыққа талабанларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, жоқары маманлықтағы судьялар корпусын қәлиплестириў масқетинде судьялар жәмийетиниң жаңа уйымы – Өзбекистан Республикасы Судьялар жоқарқы кеңеси шөлкемлестирилгени бул бағдардағы реформалар избе-из даўам еттирилип атырғанын дәлиллейтуғыны атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды суд ҳәкимиятының пуқаралық, жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық судлаў саласында бирден-бир жоқары уйым сыпатында заман талаплары тийкарында жаңадан қәлиплестирилгени, әдил судлаўдың мазмун-мәнисине пүткиллей дурыс келмейтуғын жағдай – судлар тәрепинен жынаят жумыс ислерин қосымша тергеўге қайтарыў әмелиятына шек қойылғаны системаның раўажланыўы жолында әҳмийетли қәдем болып атырғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, қолға киргизилген нәтийжелер менен шекленип қалмастан, тараўдың раўажланыўына сын көз-қарастан қатнас жасаў, турмыстың өзи алдымызға қойып атырған бир-биринен әҳмийетли ўазыйпаларды нәтийжели шешиў жоллары және механизмлери ҳаққында билдирилген анық усыныслар, әмелий басламалар тийкарында суд уйымлары, судлардың жумысын пүткиллей жаңа тийкарда, нәтийжели шөлкемлестириў лазымлығына айрықша итибар қаратылды.
Соңғы ўақытта елимиз пуқаралары тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханаларына ҳәм Виртуал қабыллаўханасына келип атырған мүрәжатлердиң үлкен бөлеги суд уйымлары ҳәм судьялар жумысы менен байланыслы екени бул бағдарда көплеген машқалалар бар екенинен дәрек береди, деди мәмлекетимиз басшысы.
Суд системасында әдиллик прицинлерине қаншелли әмел етип атырғанына ҳәр тәреплеме тоқтап өтилди.
Тийкарғы мақсетимиз, деди Шавкат Мирзиёев, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў арқалы халқымыздың суд системасына болған исенимин қатаң беккемлеўден, судты шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айландырыўдан ибарат.
Бүгинги күнде халқымыз күтип атырған әдил қарарлар қабыл етиўге ҳәр тәреплеме уқыплы, ерк-ықрары беккем, жоқары кәсиплик ҳәм руўхый пазыйлетлерге ийе болған суд хызметкерлериниң қурамын қәлиплестириў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Усы мәнисте өзиниң тараўын жақсы билмейтуғын, тыянақлы кәсиплик ҳәм турмыслық тәжирийбеге, жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық дәрежесине ийе болмаған юрист кадрлар ҳеш қашан судья лаўазымына тайынланбаўы керек.
Мәжилисте әдиллик ҳәм руўхыйлық – өз-ара байланыслы түсиниклер екени, руўхыйлық болмаған жерде ҳеш қашан әдиллик болмайтуғыны, соның ушын да судьяларды, юрист кадрларды таярлаў ҳәм судьялық лаўазымына тайынлаўда бул мәселеге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги айтып өтилди.
Әйне руўхый пазыйлетлердиң жетиспеўи нәтийжесинде айырым судьялар арасында нызамға қайшы ҳәрекетлер ислеў, ипласлық, дәмегөйлик, адамлардың дәрт-тәшўишлерине итибарсыз қараў, әдиллик өлшемлерине қыянет етиў тәризинде қарарлар қабыл етиў жағдайлары ушырасып атырғаны қатты сынға алынды. Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судының бурынғы басшылары әйне усындай оғада әҳмийетли мәселелерге ўақтында итибар қаратпаўы нәтийжесинде тараўда үлкен кемшиликлер менен машқалалар жүзеге келгени өкинишли жағдай екени атап өтилди. Жоқарғы судтың жаңа басшылары алдына бундай кемшиликлер менен машқалаларды тез сапластырыў, суд уйымлары менен судьялардың жумысын нызам ҳәм әдиллик талаплары тийкарында нәтийжели шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажлар көриў ушын анық ўазыйпалар қойылды.
Әсиресе, пуқаралардың суд уйымларына сергиздан болыўының алдын алыў, жумысларды өз ўақтында көрместен, адамларды әўере еткен суд хызметкерлерине мүнәсип баҳа бериў зәрүрлиги қатаң атап өтилди. Усы мақсетте алға қойылған әҳмийетли бир пикир – ҳәр бир судья тәрепинен халық пенен орынларда бир айда кеминде бир мәрте ашық пикирлесиўлер шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс қатнасыўшылар тәрепинен толық мақулланды.
Судья лаўазымында ислеп атырған суд хызметкерлери өзиниң жумысы бойынша халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде мәлимлеме бериўи менен байланыслы әмелиятты жолға қойыў ўақты келгени атап өтилди. Буннан кейин судьялардың жумысына, биринши гезекте, халықтың өзи баҳа береди, деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте судьяларды кәсипке таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды. Президентимиз тәрепинен бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде қәнигелескен оқыў мәкемеси – Әдил судлаў академиясын шөлкемлестириў ҳаққында билдирилген усыныс мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Илажда және бир әҳмийетли усыныс – халық алдында абыройлы судьялардың өмир жолын, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы унамлы тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ушын «Судьялар клубы» және «Суд қорғаўында» рубрикалары астында орайлық телеканалларда ҳәм газеталарда турақлы түрде дүрким көрсетиўлер менен мақалалар жәриялап барыў туўралы әмелий пикир алға қойылды ҳәм мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен мақулланды.
Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде бул бағдардағы жумысларды мәҳәлле, кәрхана ҳәм шөлкемлерде көшпели суд мәжилислеринде көриўдиң көлемин кеңейтиў, судлар жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын, соның ишинде, электрон суд стенографиясын, видеоконференцбайланысты кеңнен енгизиў, суд қарарларының орынланыўын сөзсиз тәмийинлейтуғын ведомстволараралық электрон мағлыўмат алмасыў системасын қәлиплестириў, әдил судлаўды әмелге асырыў системасын турақлы үйренип, машқаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды сапластырыў мәселелери де додаланып, олардың ҳәр бири бойынша анық усыныслар менен әмелий көрсетпелер берилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев сын көз-қарастан талқылаў, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик бүгинги күнде мәмлекетлик басқарыў уйымларында жумыс алып барып атырған барлық инсанлардың қатарында судьялар жумысының да күнделикли қағыйдасы болып қалыўы зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Мәжилисте шығып сөйлеген суд уйымларының хызметкерлери, мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери елимизде суд-ҳуқық саласының раўажланыўы жолында көрсетилип атырған айрықша итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, бүгинги мәжилисте ҳәр тәреплеме терең тийкарлап берилген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында өз-ара татыўлықта, нәтийжели жумыс алып барыў ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиў Өзбекистан судьялар жәмийетиниң, суд-ҳуқық системасында хызмет етип атырған барлық хызметкерлердиң оғада әҳмийетли ҳәм мақтанышлы ўазыйпасы екенин атап өтти.
ӨзА