Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, Балалар китапханасы менен биргеликте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, балалар шайыры ҳәм жазыўшысы Яқыпбай Әжимовтың туўылғанына 65 жыл толыўы мүнәсибети менен «Өмирин балаларға бағышлаған жазыўшы» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешеге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары К.Ерназаров, М.Таўмуратов ҳәм Б.Ерназаров, қаламыздағы 20-38-48-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары, әдебият ықласбентлери қатнасты.
Қарақалпақ балалар әдебиятының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан шайыр ҳәм жазыўшы Я.Әжимов 1955-жылы Кегейли районының «Жалпақ жап» аўылы аймағында туўылған. Ол 1978-жылы Нөкис энергетика техникумын, 1984-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин питкерген. 1982-жылдан баслап 2001-жылға шекем «Жеткиншек» газетасында, «Арал», «Ғумша», «Әмиўдәрья», «Қарақалпақстан» журналларында ҳәр қыйлы лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Я.Әжимов мектепте оқып жүрген ўақтынан-ақ әдебиятқа айрықша ықлас қойған. Оның «Аўылым» атлы туңғыш қосығы 1970-жылы районлық газетада басылып шыққан. Оның қәлеминен дөреген «Қуяш сөнбейди», «Мен сүйемен гүллерди», «Аққуўлар атаўы», «Бар екен де, жоқ екен», « Ешкиниң неге сақалы бар?» «Еркебайды ерке демең» топламлары, сондай-ақ, «Жазмыш жазасы», «Қупыя сақланған сыр», «Муҳаббаттың мағызлы ҳәм муңлы мәўритлери» атамасындағы повестьлери менен эсселери де китап оқыўшылары арасында өзиниң ықласбентлерин тапқан. Я.Әжимовтың басқа тиллерден аўдарған «Африка халық ертеклери», «Алтын гилт ямаса Буратиноның басынан кеширгенлери» китаплары балаларға жақсы таныс.
Кешеде оқыўшылар жазыўшы-шайырдың дөретиўшилигинен үлгилер тыңлап, гүрриңлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болды. Кеше даўамында оқыўшылар шайырдың қәлемине тийисли қосықларынан айтып, «Ешкиниң неге сақалы бар?» китабынан сахналық көринис қойып берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.