(тымсал)

Ҳайўанлар көп тоғайда,

Әззиге жасаў оңай ма?!

Барыс,қасқыр турғанда,

Қоянға қыйын қалай да.

Қасқыр шықса алдынан,

Сағал шықса солынан,

Тула бойы дирилдеп,

Жан қалмайды жанынан,

Айыўды көрсе жалпылдап,

Доңызды көрсе қалшылдап,

Әжағам деп түлкини,

Күн көрип жүр қолтықлап.

Киятыр қоян зирилдеп,

Қоллағайсаң ,,пирим”деп,

Сур қасқырдың айбаты,

Көзинен өтер биримлеп.

Алласы буны ийипти,

Қасқырға оқ тийипти,

Куўаныштан қоянбай,

Түлкини жүз сүйипти.

Қасқыр жатыр оқ тийип,

Түлки келди кекшийип,

Шықса былай жолымнан,

Деди қоян шекшийип.

Үзилгендей жулыны,

Қасқыр муңлы улыды..,

Қоянның жүни үрпейип,

Көтерилди мурыны.

 

Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА,

Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан

Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр

2019-жыл, январь

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги