Өзбекстандағы музейлерге Интернет тармағы арқалы онлайн саяхат етиў мүмкин болады. Бул система усы жылы дәслеп Өзбекстан бойлап 4 музейде – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, Өзбекстан мәмлекетлик әмелий өнер музейи, Айбек үй-музейи ҳәм И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде сынақ тәризинде енгизилиўи жобаластырылған.

Мәлим болыўынша, музейлер электрон каталогизациясы еки басқышта әмелге асырылады.

Биринши басқыш тек ғана музей хызметкерлери ушын арналған ишки электрон каталог системасы болып табылады. Бул электрон каталог музейдиң ишки есапларын басқарыўға ҳәм арнаўлы бағдарлама арқалы музей экспонатлары бойынша ҳүжжетлер дүзиўге жәрдем береди. Биринши басқыш январь айының ақырына шекем жуўмақланады.

 

Усы жыл даўамында иске түсирилиўи жобаластырылған системаның екинши басқышында сыртқы виртуал галерея – музейлердиң каталоглары жайласқан сайты жаратыў жобаластырылған. Бул сайт барлық Интернет пайдаланыўшылары ушын ашық болып, онда экспонатларды жоқары сапада тамашалаў, сондай-ақ, ҳәр бир музейдиң тийкарғы экспозициясындағы экспонатлардың тарийхы ҳәм қосымша мағлыўматлары менен танысыў имканияты болады.

Еслетип өтемиз, алдын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейин 3D форматта 360 градус кеңликте виртуал тамашалаў имканияты жаратылғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.