22-январь күни Елликқала районында «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық ҳәм мәдений-ағартыўшылық конференциясы болып өтеди. Бул ҳаққында ӨзР Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети хабар берди.

Конференция елимиздиң тарийхый-мәдений объектлерин сақлаў, оларды реконструкциялаў, қайта тиклеў ҳәм көп әсирлик тарийхымызды көпшиликке, соның ишинде, Өзбекстанға саяхат ететуғын туристлерге көрсетиўге бағдарланған.

Илаж шеңберинде аймақтың тарийхый-мәдений естеликлери ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында сөз етиледи.

«Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық ҳәм мәдений-ағартыўшылық конференциясы инновациялық жойбарларды әмелге асырыў менен шуғылланатуғын «Hamkor Stimul Servis» илимий изертлеў орайы тәрепинен Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.