Президент Шавкат Мирзиёев парламентлик ҳәм депутатлық сораўдың тәсиршеңлигин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Тилекке қарсы, айырым жағдайларда депутат сораўына басшының өзи емес, ал оның орынбасары, ҳәттеки басқарма баслықлары жуўап бермекте. Өзиңиз айтың, қәне бул мәселеде халық ўәкилиниң абырайыЎ Парламентке ҳәм депутатқа болған ҳүрмет усы маЎ Бундай унамлы жағдайларға пүткиллей жол қойып болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент парламентлик ҳәм депутатлық сораўға министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшыларының жеке өзлери жуўап бериўи шәрт екенлигин нызамда белгилеўди усыныс етти.

Сайлаўшы ҳәм депутаттың өз-ара қатнасықларына мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, интернет тармағы арқалы парламентлик ҳәм депутатлық сораўды қәлиплестириў әмелиятын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

– Халық пенен пикирлесиў системасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығып, депутатларды өз сайлаўшылары менен байланыстырыў имканиятын беретуғын электрон портал ҳәм мобиль қосымшаларды иске қосыў керек. Мине, усы система арқалы сайлаўшы депутаттың күнделикли жумысын бақлап барыў, нызам жойбарларын додалаў ҳәм олар бойынша өз пикир-усынысларын билдириў имканиятына ийе болсын. Яғный, депутаттың жумысына оның сайлаўшылары тиккелей баҳа берсин. Әне сонда ғана пуқара ҳәм парламент арасында халқымыз бизлерден күтип атырған ҳақыйқый көпир пайда болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

«Мениң пикирим» веб-порталы жумысын жетилистириў, оған түсип атырған мүрәжатларды телевидение ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында депутатлар, қәнигелер, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында додалаў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Президент депутатлар өзиниң жүрис-турысы, сөйлесиў мәденияты, әдеп-икрамлылығы ҳәм этикасы менен ҳәммеге өрнек ҳәм үлги болыўы керек екенлигин атап өтти.

Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен биргеликте депутатлардың маманлығын турақлы арттырып барыў бойынша жаңаша система – депутатлық оқыўларын енгизиўди усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында халықтың исеними ҳаққында сөз етти.

– Мине усындай исеним, ҳүрмет ҳәм итибарға мүнәсип болыў – бул оғада үлкен бахыт. Кеңпейил, мийнет сүйгиш ҳәм уллы халқымыздың мине усы исенимин ҳәр биримиз өз орнымызда әмелий жумыслар менен ақлаўымыз керек. Бул бизлердиң тек ғана пуқаралық емес, ал бәринен бурын, ана Ўатанымыз алдындағы перзентлик ўазыйпамыз болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының биринши мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылып, олар бойынша палатаның тийисли қарарлары қабыл етилди.

 

ӨзА