Хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилиси болып өтпекте.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы Нызамшылық палатасының депутатларын халық исенимине ерисип, жоқары статусқа ийе болғаны менен қутлықлады.

– Парламент ҳәм жергиликли кеңеслерге өткерилген сайлаўлар Өзбекстанымыз ушын үлкен сиясий имтихан болды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Халқымыз бул сынақтан жарқын жүз бенен өтти, десек, қәте болмайды.

Президентимиз жаңа сайланған депутатлардың 48и ҳаяллар, 9ы жаслар екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сайлаўлар халықтың сиясий белсендилигин арттырып, халқымыздың партияларға болған исеними менен бирге талапшаңлығын да күшейткени атап өтилди.

– Сайлаўалды үгит-нәсииятларда сиясий партиялар тәрепинен жәмийетимиздеги әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша көплеген ўәделер берилди. Халқымыз усы ўәделердиң әмелде орынланыўын күтпекте. Усыны терең сезиўиңиз, сайлаўшы бәрқулла көз алдыңызда турыўы керек, – деди Президент.

Партиялардың фракциялары өзлериниң перспективадағы режелерин анық белгилеп, оларды системалы түрде әмелге асырыўға исеним билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы сайлаў кампаниясы дәўиринде айырым кемшиликлерге жол қойылғанын атап өтип, оларды сапластырыў тийкарында сайлаў системасын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый жақтан және де жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте ҳүкимет ағзалары, орайлық уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

 

ӨзА