МАРАТ НУРМУҲАММЕДОВ

 

Ғапылда өлтирип қойып өз улын,

Өмирин қайғыға әйлеген қамал.

Соң оны арқалап өткен жети жыл,

Жан ениўин тилеп Рүстеми-Зал.

 

Ал, бүгин… қәйтсе де жоқтай илажы,

Жан ағасын жойытқан жуўас балалар.

Сум тәғдир қайтарып берер ме жанын?

Нешше жетпис жыллап арқалаўға бар.

 

Кеўиллер кем-кемнен түспекте жарлы,

Терисдур заманның жамылған тоны.

Ғәрремлик үстемлик еткен пайытлары,

Тирилтип алғысы келеди оны!

  

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан халық шайыры.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги