Өзбекстан Жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң имаратында Жаслар пресс-клубының гезектеги сессиясы шеңберинде билимлендириў тараўында 2019-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2020-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Бул ҳаққында «Маърифат» газетасының сайтында хабар берилди.

Илажда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң басшылары қатнасты.

– Өткен жылы тест тапсырмаларының мазмуны ҳәм структурасы жетилистирилди, – дейди Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажид Каримов. – Абитуриентлердиң Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты арқалы дизимнен өтиўи сынақтан өткерилди, оларға 3 тәлим бағдарын таңлаў имканияты берилди. Қалаберсе, абитуриентлер тест нәтийжесин ертеңги күни билиўи, балларды онлайн мониторинг етиўи мүмкин. Тест жуўаплар бети әпиўайыластырылды. Майыплығы болған абитуриентлер ушын өз алдына күнлер белгиленип, оларға жәрдем топары шөлкемлестирилди. Абитуриентлерге қолайлық жаратыў ушын айырым ҳүжжетлер әпиўайыластырылды. Тест процесслери ашық-айдын ҳәм әдил түрде өтиўи тәмийинленди. Ҳәр қыйлы пәнлерден өткен оқыў жылындағы тест сораўлар топламлары шығарылды.

– 2020-жылдағы ўазыйпалар: Тест материалларының сапасын ҳәм бул бойынша қәнигелердиң маманлығын арттырыў режелестирилмекте. Жыл даўамында жумыс ислеўи ушын имарат керек. Жаңа жылда 8 ўәлаятта мың орынға ийе заманагөй имаратлар қурыў белгиленген. Тығылысты сапластырыў мақсетинде дизимге алыўды электрон тәризде шөлкемлестириў мөлшерленбекте. Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте Жоқары оқыў орнына кириў тилегиндеги питкериўшилерди тест сынағынан өткерип, оқыўшылардың питкериў имтиханының баллары тийкарында қатнасыўы тәмийинленеди. Енди абитуриентлерге 5 ямаса 6 ға шекем жоқары билимлендириў мәкемеси (тәлим бағдары)н таңлаў имканияты бериледи. Сондай-ақ, шет тиллериндеги сыяқлы (IELTS, CEFR) басқа да улыўма билим бериў пәнлеринен де сертификатлар бериў басқышпа-басқыш енгизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги