Арал теңизиниң қурыған ултанында Наўайы ўәлаятынан келип сексеўил егиў менен шуғылланып атырған жумысшылар арасында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Өзбекстан Экологиялық партиясының Орайлық Кеңеси, Хорезм, Бухара ўәлаятлық партия шөлкемлери ҳәм аймақлық партия шөлкемлери ўәкиллериниң қатнасыўында «Аралға мәдет!» сүрени астында экологиялық акция өткерилди.

Оны өткериўден мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январьдағы қарары менен тастыйықланған «Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы» ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Аралбойы аймағында тоғайзарлық пайда етиўге үлес қосыў, сондай-ақ, әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиўде кең жәмийетшилик ўәкиллериниң итибарын қаратыў болып есапланады.

 

 

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта зыянлы дузлардың ҳаўаға көтерилиўиниң алдын алыўдың ең мақул жолы ретинде теңиздиң ултанына дузлы шөлге шыдамлы өсимликлерди, соның ишинде, сексеўил өсимлигин егиў арқалы тоғайзарлықларды пайда етиў болып есапланбақта.

Усы мақсетте Аралдың қурыған ултанында мыңлаған Ўатанласларымыз тәрепинен бурын болмаған кең көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта. Себеби, бүгин алып барылып атырған бул жумыслар ертең регионның келешегин белгилеп береди.

Илажда сексеўил егиў жумысларында белсендилик көрсетип атырған хызметкерлер хошаметленип, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған азық-аўқат өнимлери, сексеўил туқымлары ҳәм терек нәллери тапсырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.