Қарақалпақ халқының сүйикли перзенти, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, бир қанша халықаралық сыйлықлардың лауреаты Төлепберген Қайыпбергенов ҳақыйқый миллет мақтанышына айланған уллы жазыўшы.
Жигирмаланшы әсир қарақалпақ әдебияты проза жанрының жоқары шыңларға шығыўына өзиниң бир қатар көркем шығармалары менен үлес қосқан жазыўшының мийнетлери дүнья әдебияты дүрданалары қатарынан мүнәсип орын алыўға еристи.
Атап айтқанда, жазыўшының «Қарақалпақ дәстаны», «Қарақалпақнама» роман – эсселери менен көлемли публицистикалық мақалалары жәҳәнниң түрли тиллеринде басып шығарылып, қарақалпақ халқының дүньяға танылыўына салмақлы үлес болып қосылды.
Жазыўшының «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ушын бурынғы аўқамның мәмлекетлик сыйлығы, «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар» роман-эсселери ушын Маҳмуд Қашғарий ҳәм Михайл Шолохов атындағы халықаралық сыйлықларға сазаўар болыўы Төлепберген Қайыпбергенов мийнетлериниң жәҳән әдебий жәмийетшилиги тәрепинен тән алыныўы десек асыра айтқан болмаймыз.
Көркем әдебиятқа жаны қумар халқымыз, өз өмирин миллет мәнаўиятының жоқарылаўы ушын жумсаған, халқының жәҳән халықлары арасынан жоқары орын ийелеўин әрман еткен ҳәм оған ерисиў жолынан барған Төлепберген Қайыпбергеновтың исмин ҳәм мийнетлерин өз жүрек төринде қәстерлеп сақламақта.
Нөкис районындағы Шортанбай аўылы бул инсанның усы аймақта туўылып, кәмалға келгени ушын исмин мақтаныш етеди, ҳәр бир перзентиниң Төлепберген Қайыпбергеновтай Ўатанға пидайы ел азаматы болыўын қәлейди.
Жақында мине усындай жақсы нийетлердиң бири үлкен басламаға айланып, аймақ халқын қуўанышқа бөлемекте.
Аймақтағы 13-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти өз жерлесиниң исмин мәңгилестириў, өмири ҳәм дөретиўшилик жолын жасларға өрнек етип көрсетиў мақсетинде мектеп ишинде музейин шөлкемлестириў жумысларын баслап жиберди.
Жақында музейдиң дәслепки экспонатлары қатарында белгили художник Б.Айтмуратов қәлемине тийисли жазыўшының портрети шаңарақ ағзалары атынан тапсырылды.
Әлбетте, бул қуўанышлы хабар әдебият сүйер халқымызды, барлық дөретиўши инсанларды үлкен қуўанышқа бөлеп атырғанлығы ҳақ гәп.
Бизде өз гезегинде, бул ийгиликли басламаның басында турған барлық шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылық билдирип, музейдиң мудамы руўхый дүньясы бай инсанлардың қәдеми үзилмейтуғын мәсканға айланатуғынлығына беккем исенемиз.
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан ҳәм қарақалпакстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.