Үстирттеги Төреғалий түйекеш, Мырзадай жылқыманлар менен узақ жолға сапарлас болғаным бар. Жеңил машинамыз «Абадан» жайлаўындағы бир отар қойға шығанақлап өткенде қоңыраўлы ақ серке таяқ таслам жерден үрке қарады. Машынымызды тоқтатыў бойы қасымызға келген жас өспиримге қасымдағылар: «Мал-жанларыңыз аман ба? Әкең, Кеңес қайда?» деп даўыслап, ҳал-аўҳал сорасты.

­ Жақсымыз, үйге қайырылып өтиң? Ғарры бираздан берли жапсақлы! ­ деп бала муңайды.

­ Дуз-несип тартса барармыз, төрлеўдеги ағайинлердиң той-мерекелерине жол алдық. Әкеңе сәлем айт! ­ деп жай-парахат хошласты. Әдеўир жол жүргеннен соң:

­ Гүмис қоңыраўдың сыңғырлысы қулағыңа қалай еситилди? ­ деп Төреғалий түйекеш мысқыллы күлди.

­ «Мешкей» деген жақсы ат па? Түйме урлаған да уры, түйе урлаған да уры. Әкеси уры атанса, балаларына да сол атақ мийрас…

­ Мыс қоңыраўын ырымға алдым дегенине ким исенеди? Үш адам жолдас болған жерде екеўиниң сыбырласып сөйлескени айып. Қонақ жигиттиң кеўлине гүптикей келмесин! – деп Төреғалий түйекеш орталық сырын ашып таслады.

… қоңсы райондағы атақлы Асан сейистиң аўылына тойға бардық. Сейис халқы аўызбиршиликли, сый-ҳүрметин орынлы-орнына қоя биледи. Тойларда күтими қыйын, атына от-жем, суў, ертели-кеш турғанларындағы назларын ким көтерсин. Сол есаптан Асан ағамыз бизлерди қонаққа алып, хызметимизде тақ турды. «Ошақ бәйги»ге шабысқан күни қонақ асымызды жеп, ертеңине күн аўа үйлеримизге қайтыў ушын жыйнала басладық. Тамақ пискенше қора-қопсыларын айландырып, тай-ғунанларын бағып-қағыўдың жолларын айтқан болды.

Жыңғыл қорасына қыстырыўлы турған мыс қоңыраўын көрсек те итибар бермедик. Қараңғы түспей аўылымызға жетип қалыў ушын атларымызды желдире шапқаннан жолымыз өнди. Селкилдеспелерде Кеңестиң қойнынан мыс қоңыраў сыңғырламасы барма?! Ашыў-ызадан қанымыз қайнап, ортаға алысып, сегиз өрим  қамшыларымызды төбесинде ойнатқымыз келди.

­ Тойдырғанның сақалына, еки күн қатарына шабыла күткен адамның айтыўға арзымайтуғын мыс қоңыраўын урлап қайтқаның қалай? ­ деп күйип-пискенимизге  арсызлық пенен ғарқылдап күлгенлерине қанымыз қайнады.

­ Биле-билсеңиз,  шоласып кеткен бай адамның мыс қоңыраўын сораўсыз-соғыўсыз алғаным урлыққа жатпайды. Бурыннан-соңға ата-бабаларымыз бай, атақ-абырайлы адамлардың мал-дүньясы жуқсын деген ойда қәдирли затын алыўды ырым еткен, ­ деп жеңислик бергиси келмеди.

­ Мыс қоңыраў баланың ойыншығы емес, не хызмет атқарарын жақсы билесең? Еле де изимизге қайтып,  кеширим сорайық! ­ деп жалынып-жалбарынсақ та билгенин иследи. Сол жерде соқпақ айырып, оның менен қайтып жолдас болмаўға иштен шәрт айтыстық. Отыз еки тистен шыққан сөздиң отыз еки уруўлы елге таралғанындай, мыс қоңыраў себепли «Кеңес уры» атанды. Ырымы қырынға кетип, бир қарасы екеў болмай, талабы келиспей жүрипти…

Асан сейис көпти көрген адам ғой, аўылымыздағы той-мерекелерге шақырсақ келгени менен мыс қоңыраў ҳаққында аўыз ашпай жеңди…

 

Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан

 жазыўшылар аўқамының ағзасы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги