тымсал

 

 

Шалшық суўда илгери,

Жасады бир қурбақа.

Кеўип қалса шалшығы,

Қайда барар бул бақа?!.

Бәҳәр келди ўарқ етти,

Жазлар келди шарқ етти.

–Өлип қалар бул байғус,

Көлге алып кетейик,

Обалына қалмайық,

Жаксылык ис етейик,

Деп жуп ақ қуў бақаны,

Алып келди көлине.

Ўақыт өтти арадан,

Қуслардан қус тараған,

Қалтыраса бақалар,

Пәри менен ораған.

Қол үзбей қуўлар бақадан,

Өзлерин ашқа қамаған,

Тумсықлыға талатпай,

Сыртынан көз қадаған.

Көлге қуслар жарасық,

Жүзер пәрин тарасып,

Сүйсинип өткен кеткенлер,

Жем таслайды таласып…

Жини келди бақаның,

Таўсылды деди тақаның,

Бақ бақ етти барқылдап,

Силкинди жер жәҳәниң.

Умытты бақа өткенди,

Ғарғап-силер жеткенди,

“Аққуслар көлден кетсин”деп,

Ылақтырды шекпенди.

Төкти жасыл бөкпенди,

Осып алды өкпеңди,

Ким болса соған қол берме,

Жей бер өзиң еккенди.

 

Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА,

шайыр

Қарақалпақстан хабар агентлиги