Ўатансүйиўшилик – миллий раўажланыўдың кепили!

Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған байрам илажы болып өтти.

«Халықлар дослығы» сарайы алдындағы майдан…Ўатанымыз байрағы желбиреп турыпты. Әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар көргизбеге қойылған. Оларды ата-аналар перзентлери менен тамашаламақта, жаслар  ҳәм кекселер, пайтахтымыздың мийманлары усы жерде жыйналған. Ҳәммениң көзинде турмыстан разылық сезими көринип тур. Бир сөз бенен айтқанда, бул майданда тынышлық ҳәм абаданлық ҳүким сүрмекте. Усындай мәўритлерде адамның кеўлинде ўатансүйиўшилик сезими және де күшейеди, кеўилде меҳир артады.

Концерт сарайы әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары менен толы. Байрам мүнәсибети менен бул жерге сенаторлар, депутатлар, ҳүкимет ағзалары, Қураллы Күшлер ветеранлары, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын қорғаныў министри Б.Қурбонов оқып еситтирди.

Миллий армиямыздың жаўынгерлик потенциалын беккемлеў, заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм интеллектуаллық таярлығын арттырыў бойынша үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Әскерий бөлим ҳәм бөлимшелердиң материаллық-техникалық базасы беккемленбекте. Әскерлерди турақ жай менен тәмийинлеў, шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў ушын мүнәсип шараятлар жаратылмақта.

Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў бағдарында орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ролин арттырыў бойынша жумыслар жаңа сапа басқышына көтерилди. Жас әўладтың кеўлинде беккем турмыслық позиция ҳәм Ўатанымыз тәғдири ушын жоқары жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў мақсетинде ўатансүйиўшилик тәрбиясы тараўында мазмун итибарына бола сийрек ушырасатуғын система жаратылып, оның шеңберине мәмлекетимиз халқының кең қатламлары қамтып алынды.

Әмелге асырып атырған ҳәрекетлер, армия ҳәм халықтың жедел бирге ислесиўиниң нәтийжесинде Қураллы Күшлеримиз түп мәнисинде жәмийеттиң ажыралмас бөлегине, мәмлекетимиз турақлылығы ҳәм раўажланыўдың исенимли кепилине, жаслар ҳәм әскерий хызметкерлерди ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдың әҳмийетли институтына айланып бармақта.

– Мәмлекетимиз басшысының байрам мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўы кеўлимизди мақтаныш, толқынланыўшылық пенен толтырды, – деди Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий бөлиминиң командири, подполковник Раҳматулло Раҳмонов. – Хызметлерим жоқары баҳаланып, «Мардлик» орденине мүнәсип көрилгенимнен оғада миннетдарман. Буннан кейин де елимиздиң муқаддес топырағын пәк сақлаўға бәрқулла шын кеўилден ҳәрекет етемиз. Ерисип атырған жетискенликлеримизден, бәринен бурын шаңарағым, жақынларым ҳәм кәсиплеслерим де қуўанышлы.

Салтанатлы концертте әскерий спортшылар тәрепинен халықаралық жарысларда ерискен жетискенликлери, қолға киргизген жоқары нәтийжелери айрықша атап өтилди. Жаслар тәрепинен бабамыз Саҳыбқыран Әмир Темурдиң «Темур түзиклери»нен ибратлы үзиндилер келтирилди.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер қурамындағы әскерий оркестр топарлары, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслар, әскерий тараўдағы көркем ҳәм ҳәўескер топарлардың бағдарламасы бәршеге мақул болды.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы