Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
жазыўшылар аўқамының ағзасы
Алдына қараған сүринбейди, изин
серлегенлер адаспайды…
(Ибратлы сөзлерден).
Дәрья теңизге қарай мәўиж урып ағар еди. Ат жақлы, түрик еринли Сейдулла есин билгели жумыры жердеги таныған қудайлары дәрья, теңизин көрмей-билмей өсти. Ҳәзирги әбигер аўҳалы гүзедеги қумға төгилген суўды ишине қайтып қуя алмастай дәрежеде еди. Кеўилсиз адамның күлки сүймегениндей қабағы қатыңқы. Жүзлери қызара бөртип, ең қәдирли затын жойтқандай кеўли елеўреп жүреди. Минез-қулқы туйық, кемирек сөйлеп, көбирек тыңлаўға әдетленген. Жоқ-жуқа хожалықта жетимнен жетилип, жетер-жетпесинлик көрип өскенге ме, ақыл-еси пүтин, райкеш. Еситкенлерине қарағанда көбирек көргенлерине исенгиси келеди. Балалықта дәрья, теңиздиң түби, жағысларын жоққа санады. Қаттырақ бақырған даўысы арғы, берги басына жететуғын кишкене аўылда жасағанлар бир-бирлерин жақсы танып-билгени ушын ҳал-жағдайларынан хабардар. Аўыл арасында теңиз бойының басын шулғып шабатуғын қашақ, бүкир тайын жайдақ мингенлери көзге түскен. Жуўырған емес, буйырған алғанындай, Жеткербай жылқыман теңиз бойының қашақларын үйири менен қуўып қайтқанда, бүкир тайы елеспесиз қорасына киргенде анасы «өз аяғы менен дәўлет келсе қалай кисиге берейин» деп уўысынан шығармай қалды.
Орта мектепти питкергенине де үш жылдың жүзи толыпты. Нөкистеги пединститутқа ҳүжжет тапсырған биринши жылы әўмети келмейди. Кимге өкпелесин, оқымағанның оқығаны, оқығанның оқымағаны боларындай кем саўатлылығына өзи айыплы. Анасы Сарыгүлдиң напақа пулы қайсы бирине жетеди. Бардамлы шаңарақларда шалжақлап өскен тең қурбыларындай репетиторлардан қосымша сабақ алмақ түўе, қалаға қатнағанда машын пулы уўайым, үстиндеги кийимлерин жаңалаўдың өзи күш болды.
Оң-солын танығалы биймәни өмир сүргиси келмей, басын ҳәр жерге урып көрди. Дени саў, күш-қарыўы бар адамға жумыссызлық аўыр дәрт. Ата кәсиби балықшылық несип етпей, ылай суўлы дәрья, дуз сепкендей теңиздиң ашшы суўы қурыған гезине тап келисти. Балықтың өмири суўда өткениндей, адамзат та суўсыз тиришилик ете алмайды. Еле де, аўылының дәл ортасындағы тереңлиги жети қулаш «Жамбай» қудық жанларын сақлап, суўын ишкенлер аўырып-сырқамас еди. Жағыстағы ески булақлардың көзлери тартылған. Суўсыз жерлерге қус та қонбас екен. Отырықшы ел пытырап, адамлар күн көрген жақларына дағысты. Ерк-ықтыярын турмыс бийлеп, журтшылықтың жуўырған жағына жуўырғаны менен еки қолына жумыс жоқ. Бәҳәрге илессе қолы сәл узарған. Аўылласларының жай, қора-қопсыларын оңлап, мал отысына пишен орып, жантақларын сөклете шапты. Тандыр отын, қыста үйлерин жылытыў ушын жыңғыл, «урламай сексеўил», қарабараққа тийиссе «аң-қустың уясына тийме» деп бажбанлар қолын қағады. Басқан адымлары ойыла бергеннен соң сырт жақларға жумыс излеп кеткиси келеди. Бир күн саў, еки күн аўырыўлы анасын жалғыз таслап кетиўге көзи қыймай егленген.
Армияға шақырыў қағазы келип қуўантқаны менен шыпакерлер «түйетабан»саң деп жарамсызлар қатарына қосып қойды. Қулласы, өмирине кескин өзгеристи «ғайып»тан емес, өз қолынан ислегиси келди. Ержигит дайысына усағанындай, гүйзелисте жүрген күнлери үйине қыдырып келсе жандалбас тиришилигине кеўли толмайтуғын Турдыбайды негедур кеўлине жақын тутты. «Аштан өлип, көштен қалмадық. Халық қатары ырыл-тырыл оңысып атырмыз» деген анасын хошламағаны менен жақ жарыстырыўды қәлемес еди.
Дайысы орта мағлыўматлы болса да оқымыслы. Алтыншы классқа барған күнлери Д.Дефоның өзбек тилине аўдарылған «Робинзон Крузо», фантаст жазыўшы Жюль Вернниң қазақ тилиндеги «Суў астында 80 мың километр» атлы китапларын қолына услатарда «мазмун-мағанасын уғынсаң, түсиник дүньяң өзгереди» дегеннен басқа сөз айтпады.
Әдебий китаплар көзин шайдай ашқанда сабақлықларынан басқа нәрсе оқымай жүргенине өз-өзинен уялды. Китапларын бетлесе сөзлеринен бетер сүўретлерине қызықсынғаны менен мийине ҳеш нәрсе қонбай бүлинди. Китапларды дәптерлерине бастан аяғына көширгенге қолы жатлықты. Қоңсысы, Орынбай муғаллиминиң үйиндеги географиялық картасы менен глобусын айланшықлап, Робинзон Крузо жасаған атаўды изледи. Дәрья жағыста жалғыз өзи жасайтуғын Хонда исмли кореец, теңиз ултанында да тиришилик ететуғын «Қар адам»ды излеп кеткиси келди. Суў асты кемеси Аралға да келген-келмегени ҳаққында басын қатыра баслады.
Сейдуллаға ушқыр ой-қыял жүргенде, жатқанда ямаса турғанында емес, ал, көшкиси жаздырыўлы, есиги алдындағы төңкерилген қайығына отырса ғана келер еди. Өмир бойы услап-тутқан қәдирли затың жарамсызланса өз қолың менен жоқ етиўге көзиң қалай қыйсын. Биреўдиң аў-қайығы бир дәсте отынға айланғаннан келте пәмлеў баласы балталап отқа жаққанда ағашқа сиңген қарамайдың бәд, сасық ийиси пүткил аўылды алған еди. Жасыүлкенлер топары жигитти ортаға алып, «тоңсаң аяғыңды жақ, ҳеш бириң қайыққа қол тийгизиўши болмаң» деп тәмбисин бергели аўыл арасы тым-тырыс.
Дайысы әкелген китапларын ар-ҳүжданы ақша қардай гиршиксиз устазы Орынбай муғаллимине көрсетсе, «Қолыңа қалай түсти? Озық ойлы адамлар тән алған топардағы китаплар. Ең жақсы устазың китап, адамды адам тәрбияласа қыйсық жолларға баслаў мүмкин, ал, китап алдамайды. Сеннен еки китап, бизден бир китап, алмаслап оқысайық», деп Жюль Вернниң «Он бес жасар капитан» атлы китабын бергенде және бир тилсимли дүньяның есиги ашылғандай болды.
Дайысы араға еки ҳәпте салып, бир танысынан қағазға: «Сейдулла! Аққан суў ақпай қалмас, бир жерде тынып қалса бузылады. Үмитсиз шайтан, нәўпир суўдан дәметип жасайық. Ҳәзирше, Аралдың тәбийғый ҳалына келгенин жас болсақ та бизлердиң де көрер, көрмесимиз нагүман. Суўдың орнын басқан дузлы қум адамзат ушын қәўипли. Тоғай хожалығы хызметкерлери қанша күш салғаны менен апатшылықтың көлеми үлкен болғанлықтан, нешше миллион гектарға сексеўил егиўге үлгере алмай атыр. Еситип-билиўимше, дүнья еллеринен бириншилер қатары немец, французлар жәрдемге кележақ. Шет еллилердиң сексеўил ектириўге жергиликли халық арасынан адам жыйнайжағын еситтим. Соларға тезирек хабарлас» деп мәнзилине шекем жазып жиберипти.
Теңиздиң шаң-тозаңларын жутыўға қайыл болып, жумысқа алынғалы ўақты хош. Суўдың өзи ағып келмесе, излеп кетиўге мәжбүрсең. Ултанынан жийи көтерилетуғын даўыл-дүбелей қумды кеше-күндиз сапырса айлана-дөгерек қара түнек, зимистаны шығады. Тас төбелеринен қуйылатуғын шеге қум көз, мурын, қулақларына толып, тислериниң арасы ғышырлап, тамақларын уўдай ашытса дем жетпей буўлығысты. Ушарға қанат питсе, ақ булт пенен қара бултларды пәрўаз етежақ Сейдуллаға «Өзиңнен кетесең-аў, көзиңе не көринип жүрипти? Кисиниң ақылын ал, бирақ, өз билгениңнен қалма! Бәле-қададан аман бол, сени Жаратқанға тапсырдым» деген анасы қой аўзынан шөп алмайтуғын жуўас баласын гейде танымай қалады…
«Сырт елли адамлардың көмеги менен теңиз астына сексеўил екпекшимиз?!» дегенлерине аўылласлары әўелги ўақытлары исенгиси келмеди. Қумлақ жерлерде өсетуғын сексеўил бурынлары қолдан егилмес еди. Гүзге қарай туқымлары жүзимдей солқымлана писип, жерге самалдан шашылды. «Томар астаў», «Айырбақан» деген жерлердеги көп жыллық сексеўилликти шала-шарпы өртеп, қумға көмсе, көмирдей қызғынлы отынға айланыпты. Түйелерге артып, базарларда сатқанлар байыған…
Күнниң көзи көринсе де жылыўы сезилмейтуғын сыранлы бәҳәр айлары басланды. Ийгиликли иске Германияның Өзбекстандағы елшиханасы қасында дүзилген Техникалық орай қәнигеси, Франк исмли жасы елиўлердеги еңгезердей ири денели, көк көзли немец басшылық етип жүрди. Түр-түси суўық болғаны менен минези әлпайым, адамларға мийирман. Көп жыл елшиханада ислегенликтен өзбек, инглис, орыс тиллерине жетик. Бир айға бармай қарақалпақшаны еркин сөйлеп, айтылғанларға толық түсинетуғын болды. Шылт жаңа тракторлар, жанармай ҳәм майлаў майлары, сеялка, туқым, басқа да керекли затларын әкелди. Биринши жылы адамлардың жумысқа қоллары үйрениссин, өзли-өзимиз түсинисип алайық деп аўыл арасындағы ағын суў келетуғын егислик жерлерге гүзлик бийдай ектирип, дәслепки өнимин мийнет еткенлерге мутқа үлестиреди.
Ызғар жерге жатқармай, жыйналмалы кәтлер берип, көрпе-төсеклери ҳәр ҳәпте сайын алмастырылды. Үш мезгил ыссы аўқат, шай-суўларын жумыс басына апарып қояды. Гүзге қарай сексеўилдиң туқымларын жыйнап, еки гектар жерге нәлхана көгерткен.
Үйине гезеги менен демалысқа барса «Сизлердиң қолларыңызға ақша берип, жумсайтуғын ата жаўымыз немец пе?» деп урыс майыплары, Дәрменбай, Бухарбайдай қанқызба аталары ортаға алғанда «Гүман ийманнан айырады. Жаманлығын көрмедик…» деп ақлаўға тырысар еди.
Теңиз ултанындағы ашық майданларға сексеўил егиў ушын биринши гезекте узыннан-шубай қарықлар жарылып, бәҳәрге шекем иши таза қумға толса туқым, нәлден еккенлериниң көгериўшеңлиги жақсы болатуғыны ис тәжирийбесинде сынап көрилипти. Жумысқа барып келердеги қымбатлы ўақытларын босқа кетпеўи ушын ала бәҳәрден брезент палаткалар менен өзлери қазған жертөлелерине көшип барысады. Бир жыллары жоқарының сырқынды суўларын дәрьяға қайтып қуйдырмай, теңизге ағызыў ушын оң ҳәм сол жағалаўларына қазылған коллекторларға көпир салынбай қалған еди. Айланыш жоллар жанына тийип, шаршатқанына қыйналған гезлери қурылғанына адамлар «Франк көпир» деп ат қойысты.
Байлықтың көзи суў менен жерде, дәрья, теңиз жағалағанлар онша ашырқамаған. Узақлардан ағараңлап көрингенлерине «Ақ тумсық», «Порлытаў», қызыл реңлиси «Қызыл жар», қаралтымлары «Қаражар», «Қарамуш», «Сырлытас», «Жалтырбас» деген атамалар қойысады.
Тастай түйинген Сейдулланың жутқыншағына бир нәрсе тирелгендей соңғы күнлери қатты бийтақатланып жүреди. Кеўли тоқлық пенен тамағы тоқлық еки нәрсе. Тай, ғунанлар ҳәм туўылып өскен төбеликлерин аңсар екен. Кебир ашқан жерлерге тиркестире салынған қақыралы аўылына келсе жайнап-жаснап қалар еди. Жасыүлкенлер не ислеп-не қойғанларын бирме-бир сорастырып, «Арал төбе»ге жақынлап қалыпсыз, қысы-жазы суўы қурымайтуғын «Дөңгелек көл»ге шомылыўшы болмаң» деп ескерткени менен себебин ашып айтпайды…
Дәрьядан ғарқәллезий, коллекторлардың сырқынды суўы, қар-жаўын тамшылары қосент болған, бир шалғайдағы «Дөңгелек көл»ге түскенге қурымапты. Көптен адам излери, нәзери түспеген соң көлдеги қурт-шабақлар өршип-өнип, тасып-төгилгенлери аң-қусларға жем болғанларын биреўлер хабарлапты.
Институтқа ҳүжжет тапсырып жүрген күнлери Нөкистеги тири балық сатылатуғын «Арал» дүканына арнайы излеп барады. Үлкен суў ыдыстағы былғаңлаған адам бойы ылақа көзлери уясынан шығып кетердей бадырайып:
Мени излеп келдиң бе, Сейдулла! Қуслардай қанатым болғанда дүньяның төрт мушын шарлап, теңиз, океанларда жүзер едим. Бир теңиздиң суўы қурыса балықлары пүткиллей қырылып кетеди деген ойда қалмаң. Суўға шашылған уўылдырықларымыз дәрьядан көлге, теңизге қуслардың аяқларына жабысып өтеди, деген сөзлерин айтарда таңлайындағы мөри көтериледи.
Әй, жигит! Қаққан қазықтай неге қақайып турсаңЎ Қалтаңда ақшаң болмаса жолыңа түс, қайқай! Жолбарыстың сүтин ишкен адамды көрмедим, шамамда, сыйыр сүтинен алты есе майлы! деп таңлайы тақылдаған дүканшы ийниндеги сүлгисин желпинди.
Балықты жеўге ҳәмме иштейли болғаны менен пулы барларға ғана несип етеди. Мойнақшының аўына түскен балық он екинши қолдан өтип, қурбысы жеткенлердиң қазанында қайнарын бил. Үлкен балықларға қарыйдар аз. Бизге, тәрезиге тартқанда тас басқаны есап. Қалалылардың ырысқы-несийбеси артық, балықтан гүпли болмаға қарады. Бир күн балық, бир күн Үстиртте атылған кийиклердиң майлы гөшин кекириседи…
Гиддиман ылақаны қаяқтан аўлапты?!
Теңиз кешкен бала көлге шүмбейди. Шамасы, балықшының ақлық-шаўлығымысаң?
Аўа…
Маған жеткенше ылақаның нешше қоллардан өткенин қудай билсин. Кимлер аўлады, қайсы көлден тутқаны мени қызықтырмайды…
Есеңкиреп қалған Сейдулланың жүрегине шаншыў тийгендей аўырсынып, астынғы ернин қаны шыққанша тисленген ўақытлары және таныс саза еситилди.
Сени шыдамсызлық пенен күтип жатырман. Тезирек сатып ал да, «Дөңгелек көл»деги айдыныма жибер?! деген жаңғырыққа шоршынып, сыртқа атлығады. Еситкен, көрип-билгенлерин басқаларға айтса басы бәлеге қаларын ойлап ҳеш кимге тис жармап еди.
Сол қабатта үйиндеги ийти күшиклеп, көзлерин ертелеў ашқанына «Ақ жол» деп ат қояды. Тили жоқ демесе адамдай ақыллы, еркелеп, көрпесиниң ишине кирип жатыўға үйренисти. Жумысқа кетеринде трактор тиркемесине шекем гүзетип, келер күнин қалай билсе солай билсин, қуйрығын былғаңлатыўы менен күтип алады.
Теңиз ултанында жумыс ислегенлер ўақыттың өтиўи менен сыйқырланып қаларын ой-қыялларына келтириспеди. Қысқа күнде қырық қубылатуғын тиришилиги қумырсқаның инлеўиндей қайнап жатты. Көк шийшедей жарқыраған ашық аспан сәскеге шекем жайма-шуўақланғаны менен самал бир желпинсе айпап-жайпап кетеди. Уршықтай зыр-зыр айланған қуйынның алан-бурқан шаңғыты сан-санақсыз «ақтереклер»ге айланады. Бир-бирине қосылса адам-адамды көрмейтуғын аппақ думан көз алдыларына перделенеди. Қыямет-қайым пайытлары тәртип бойынша ҳәр ким турған-турған жерлеринен қозғалмаўы шәрт. Қолға-қол усласып ямаса ҳәрекетлениўи ушын беллерине байлаған узын арқанларын усламаса ай далаға шығынып кетсе өлди биле бер…
Тәбият тонын терис кийсе Франк мойнынан тасламайтуғын фотоаппарат, видеокамерасын иске қосып, бул қубылысларды қойын дәптершесине еринбестен жазып барар еди.
***
Мектепте тарийх-география пәнлеринен өз жанына реҳими келмейтуғын, буйра шашлы, бужыр бетли Орынбай исмли муғаллим сабақ оқытты. Қолы саўа болса белбуўарынан қум кешип, ултанларын уйық, қайыр тепкен теңиз, дәрьялықты күнине бир айланбаса кеўли кеншимейтуғын нағыз қарда жатар, дүздиң адамы еди.
Анасының айтыўынша, ертеректе ҳаялынан ажырасыпты. Көрер көзге әлжуўаз болғаны менен дени саў арық. Жоқты жоқ излегенлердиң тапқанындай, абыржыда теңизге кеткенлерди қумлар көшип, «ашылып-жабылған» ўақытларын пайлап жүреди. Адам сүйеклерине қоса ылақа, жайынлардың қалдықларын өз алдына қалталап тасыўға еринбеген. Үйиндеги шырағы таң атқанша өшпегенин «өлген адамлардың қуў баслары, руўхлары менен сөйлесип отырады» деген сыпсың гәплер тарқалыпты. Дүньяның сырын көп жасаған ғарры ямаса оқымыслы жас билгениндей, алдам-қалдам сөйлегенлерин биразлар керисинше түсинип, «Журтты жарылқайтуғын қай қудай, ақмақтың айтқанларынан көре сандырақлағаны келеди» деп жақынларға шекем адам санына алмай жүрди. Жалғыз жасағанға кеўилшек, ашыўшақ болғаны менен қайтымы тез. Сөзиниң басы жуп аққуў, айдыннан тең ушып, қанатларын тең қаққаны, бир айырылып, бир қосылысқан жериндеги «Дөңгелек көл»…
Көбинесе, дәрья, теңизге бәҳәр, қыстағы абыржыларда жүрексинип балық аўлағанлар ығар еди. Минген музын еспе толқынлар жуқартып, терең жерлеринде «гүрп» етип айырылса суўға ғарқ болған. Жанларын шүберекке түйгенлер бала-шаға, ағайин-туўғанлары сүйеклерин излерин ойлап, аўыр мүшкиллерин жеңиллетпек ушын өзлерин ат шаналарына зорлап байлағандай күш табысқан. Арадан жыллар өткенине қарамай, талайларының сүйеклерин «танып», ийелерине қуўыстырғаны саўап ислерге жатады. Бийдәрек кеткенлердиң жақын-жуўықлары алдына еленип келсе үмитлерин үздирмей, жақсы сөзлери менен жубатты.
Үш өжирели қақыра жайының аўысық затларын қоятуғын бөлмеси «шийшеге салынған сәлем хат»ларға толы. Адамлардың он еки мүшеси, жақ сүйеклериндеги азыў тислери солайы менен бөлек жыйнаўлы.
Орынбай муғаллимниң өзине жақын тартқаны, көл-қопаларға ғаз-үйреклер қуйылған гезлери әкеси шала-шарпы оқ тийген еки ғаз әкеледи. Билезикленген аяқларындағы жазыўларға көзи түсиўден ғазларды баўырына басып, Орынбай муғаллимниң үйине қарай жуўырған.
Саған мыңда бир рахмет, Сейдулла! ”азлар Қытайда билезикленипти. «Ақ теңиз»ге қарай ушып, Аралға қайырылғанда сур мергенлерге тап келген. Тәбиятты қорғаў бойынша халықаралық шәртнамаға бизиң мәмлекетимиз де қол қойысқанын билесең беЎ Билезикли қусларға оқ үзип, зақым келтиргенлер жуўапкершиликке тартылады. Жарақатланса емлеп, мәнзили бойынша тийисли орынларға хат-хабарлар жазыў миннетли ўазыйпасына киреди», деп барлық жумысларын бир шетке ысырып, ғазлар менен айланысса қасынан қалмайды.
Орынбай муғаллими сабаққа келмей қалған күни жаны төзбей үйине излеп барса шай-аўқатсыз, еки көзинен асылып, төрден есикке қарап жатыр екен.
Түнде, адам қорққандай түс көрдим. Аралдың түбиндеги «бир уртлам» суўын ишинде жасаған ба я басқа жақлардан келген бе, қулласы, бир мақлуқ ишип қойыпты. Нешше әсирлерден берли Шотландия мәмлекетиндеги Лох-Неси көлин мәканлап, ара-тура бой көрсететуғын ғубыжық ядыма түсти…
Бәлким, көзиңизге «ғубыжық» болып көринген теңиздиң ийеси, «жаны» ма?!
IV әсирде өмир сүрген Иони исмли улама көл жағалап жүргенде биринши рет байқайды. Ҳеш бир жанлы мақлуққа уқсамаған ғубыжық суў бетине қалқыпты. Көлде бийғам шомылған адамға ылақадай аўзын аша умтылғанда жерге дизерлеп, еки қолын жая дуўа оқыса райынан қайтып, суўға шүмипти…
l325-жылғы географиялық атласта Лох-Неси көлинде көптен тиришилик ететуғын басы менен мойны бирдей ғубыжық туўралы дәслепки мағлыўматлар жәрияланады. Бир сапары, көлде жүзип жүрген желқомлы кемени қуйрығы менен қағып аўдарса ишиндеги адамлар суў түбине кетипти. Жергиликли турғынлардың арасынан Мен Дональд исмли ер жүрекли сүңгигир шығып, изине шуқшыя түскени менен қолға түсире алмай, пәнтқумар қалады.
Ғубыжық өзиниң бары-жоғын умыттырып, көл түбинде l930-жылларға шекем бас көтермей жатқан. Жағалаўларындағы қалың тоғай шабылып, темир жол қурылысы басланғанда «Неси»ди еслеп, бақлаў пунктлери орнатылыпты. Алыс ҳәм жақын аралықлардан онлаған мәрте көзге түседи. Жағысқа шыққандағы излери гипсленип, Лондондағы илим-изертлеў институтына тексериўге жиберилген. Зоолог алымлар оны сыртынан «гиппотама» деп аталыўшы сүт емизиўшилер қатарына жатқарады. Жыллар өткен сайын Лох-Неси ҳаққындағы қуры гәп-сөзлер адамларды жалықтырмаға қарайды. l957-жылы «Лох-Неси»ге арнап шығарылған китапта ғубыжықты өз көзи менен көрген ll7 гүўаның көрсетпелери менен узақ ҳәм жақын аралықлардан түсирилген сүўретлери жәрияланыпты. Жағыста күшли жарылыўлар жүз бергенде суў бетине көтерилген ғубыжық кинопленкаларға алынып, ҳүжжетли фильмге өзек болады.
Қурамына күшли зоолог, ихтиолог ҳәм адвокатлар топары кирген арнаўлы комиссия ағзалары жыллар даўамында бул бағдарда жумыслар ислеп, ақырғы жуўмақта «Жылан тәризли узынлығы l5 метрге шамалас, төрт аяқлы, арқасы өркеш таслы, қуйрық таманы топыр, сырлы мақлуқ жасайды» деген шешим қабыллапты.
Мезозой дәўирине тийисли археологиялық изертлеўлерде узынлығы l5-20 метр келетуғын кесирткеге уқсаған жанлы-жәниўарлар жасағаны мәлим. Ири геўдели мақлуқтың ХХ әсирге шекем дузлы суўларда өмир сүргени шынлыққа шек келтиреди.
Илим-техника күшли раўажланған дәўирлердеги экспедициялар, әсиресе, «Огонёк» журналындағы «Еле ашылмаған қупыялар» клубында орыс археологы Н.К.Зинкеевич l954-жылы «Петрход» траулеринен Лох-Неси көлине эхограммалар жибериўге басшылық етеди. «Көлде турпаты үлкен жанлы мақлуқ бар» деген еки ушлы пикирлерди тастыйықлап, сабақтың ушын шығарғаны менен сырлы қупыя елеберин бастырыўлы қазандай жабық түринде қалған…
Жаратылысты түсинбек ушын философлардың ой-пикирлерине сүйенсек, дүньяда қатып қалған нәрсе жоқ, жақсы-жаман жақларына қарай мудам өзгерислерге ушырап, ким қалай түсинип, қалай қабыл етиўине байланыслы екен.
Жыллар аралатып, үлкен қалалардағы муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтына өз қәнигелигим бойынша оқыўға барғанымда китап дүканларын аралар едим. Излегенлерим көбинесе букинистлердиң дүканларынан табылды. «Пүткил әлем қызықларын бирге тамашалайық» сериясындағы «Тәбияттың әжайып қубылыслары менен сырлы ҳәдийселери» атлы оқыла-оқыла ҳәриплери өшпеге қараған еки томлық гөне энциклопедияны бир айлығым муғдарында баҳаласа да ойланбастан, қуўана-қуўана сатып алғанымды сен де оқып көр, – деп қолына услатады.
Китапты жата дастана оқыса Қарақум менен Қызылқумдай шөлистанлықлар ортасында көз жасындай мөлдиреп, шөлиркеп атырған Аралдың тарийхый шежирелерде жазылған. Бирнеше рет толып ҳәм кеўген теңизди суўландырып турыўшы Әмиўдәрья менен Сырдәрьялар да өз аңғарларын талай мәрте өзгерткени, тәбияттың нызамлы қубылыслары екенин аңлағаннан соң кеўлин жәмлеп, сәл арқайынласып еди.
Сеннен басқа кимге керекпен, Сейдулла! деп қамсығып, аўзы кемсеңледи.
Жаман айтпай жақсы жоқ, топырақ тартып жүр, көзлеримнен уйқы қашты. Қәдир-қымбатымды асырмақ ушын өлип те көрейин! Ертеклердеги Сулайман патшаның теңиз астындағы гүмбезли қалаларына кетип, мәңгибақый жасайман…
Узақлаған сайын зейини ашылып, өңменин алдына таслайтуғын аңшыдай излегенлерим табылмай, теңизде қонып қалдым. Түнге қарай суўытты, аязладым ба?..
Арал қурыса да асты-үстиндеги тиришилик өзгеше түс алған. Урыстан кейинги жыллары аўылымызға қысы-жазы жалаң аяқ, жалаң бас жүретуғын «Досан тасаяқ» лақаплы биреў көшип келди. Бершимек болып қатқан өкшелерин қызыққа, өткир пышақ пенен кессе қан шықпағанын көрдик. Қос жанары қасқырдың көзлериндей өткир, түнлерде арқайын ийне сабақлап, бизлерге китап, газета-журналлар оқып беретуғын еди.
Бахтым тайып жүрген күнлери жақсылықты рәўа көрген адамды қалай есимнен шықсын. Қудай жол берсе, ертеңниң арғы күни теңизди бирге адақлап, көрмегенлериңди көрсетип, билмегенлериңди билдирип қайтаман. Тис-тырнақлап жыйнаған «өли дүнья»ларымды қолыңа услатып кетсем артымнан тынар едим, – деп жумған көзлерин қайтып ашпады…
Сөзден сөз шығарып айта берсе өзи де тегин емес. Апыл-тапыл жүрген гезлери ети күйип-жанып, аўзы тынбай жылай бергенге жақлары қарысыпты. Емлеўханада анасы алып жатқандағы жеген «сәдеп» дәрилер, шаншыўлардан шыпа таппайды. «Балаңызды үйиңизге әкетиң, демин алсын» деп шыпакерлер разылық берсе де, өлимге көзи қыймаған. Табытқа жуўындырып саларда тула беденин сыйпалап көрсе тиришилик нышаны байқалыпты. «Балам тири, тири!» деп изинен жуўырып, аштырса көзлери ашық, қарысқан жақлары орнына түскен…
Туңғышына «өли әрўақ» жабысқанын абайлаған анасы мусылманшылық жолы менен емлеп, жети үйдиң ийтаяғына шомылдырып-ақ саўалтады…
***
Тиришиликке арқаў болған әпиўайы қара суўда мыңда бир қәсийет барын билсек те итибар бермеймиз. Тамшысы қара тасты тесип, сом темирди балқытса, патас затларды тазалағанлары не деген қүдирет?!
Сол кеўилсиз ўақыя жүз берген түнде аспандағы жулдызлар көбирек жымыңласып, ҳаўа райы бузылысыўға қарапты. Көзлерин аштырмаған қара жел тынымсыз ҳүўлеп, қасақана ай кеш туўады. Жүреги ҳәўлирип, үстине жамылған көрпесин қымтастырғаны менен бийтақатлана береди.
Түн жарпында, он еки адамлық палаткасының есиги желпинген. Ишке аяқларының ушларынан жүрген узын көйлекли, жүзлери орамалларына бүркеўли, 45-50 жаслардағы ҳаял изине балағат жасындағы шашлары уўдар-дуўдар қызын ерте киреди. Гүңлердей бир-бирине бармақлары менен белги берип, жүресине отыра ымласқан. Әлле кимди излеп жүргендей шырт уйқыда жатырғанлардың бетлерине бирме-бир үңилип шығады. Оңы я түси екенин айыра алмаған Сейдулла орнынан турыўға ҳәрекет етсе, көкирек аўзына минген жез тырнақлы кемпирдиң салмағы қустай жеңил болғаны менен гегирдегин қос қоллап қысқаннан дем жетпей алқынады. Еки қолын тынымсыз сермелеклеп қара суў, қара терге түсирип, өлмегени менен өлимши ҳалатқа әкелди.
Еле несин көрипти, кийели теңиз адамларды қалай тынышына қойсын. Түрли-туман ҳәдийселердиң болмасына кимлер кепиллик бере алады. Ертеңине қасындағылардан астыртын сорастырса, теңиздиң «албаслылары» ҳеш кимди де аяп қоймапты. Бәледен машайық та қашқанындай, саясынан қорқатуғын қоянжүреклери үйлерине кетсе қайтып келмеген…
Сабыр-тақатлы адамлар ғана диянатлы. Франк сексеўил егиўшилер арасында сырлы ҳәдийсе жүз бергенин аңласа да өзин билмегенге салып, изин қуўғысы келмеди.
Кешеги, бүгинги туўылған келешектеги әўладлар арасындағы парқ аспан менен жердей болады. Космос орбитасындағы спутниклерге байланысқан интернет тармақлары, радио қабыллағышлар менен телевизорлар сексеўил егиўшилерди бираз саўатландырады.
Жақын дөгеректе қаздырған артезиан қудықларының суўы бири ашшы, бири душшы шығып атыр. Мәкан басқан жерине салмалар қазылып, еки бойына саяманлы ҳәм мийўе нәллери тигиледи. Алты қанат қара үйдиң алдындағы ҳәўизде асыранды ҳәм жабайы үйреклерди жүздирген. Монша, ҳәжетхана салдырып, тазалық ҳәм азадалыққа айрықша кеўил бөлдирди. Күнделиклик турмыс ушын қәжет болған нәрселер таяр болыўдан ишинде ийнениң ушындай да сыр сақламайтуғын Франк Германияның бир қаласындағы мединститутта оқыйтуғын Софья исмли қызы қонаққа келетуғынын жәрия етеди. Қызы минген самолёт Ташкенттен Нөкис аэропортына азанғы ўақытлары қонғанда Франктиң өзи жол таңламай жүретуғын қара реңли «Мерседес» машинасы менен алып қайтады. Кешқурын, мәкан жайы «Көк суў»ға келиўин көзлери төрт болып күтискен. Оқыған, дүнья көрген адамның садағасы кетсин. «Ассалаўма әлейкум! Хош көрдик!» деген күн көрмеген ақбозлақ қыз әдеп сақлап ийилип, сап тартқан жигитлерге «Софья»лап, пахтадай жумсақ қолын күлимлеп усынады. Долы тәбиятты да қыздың сусы басып, тынышып қалған. Басқалар қатары Сейдулла да қызды бир көриўден ашық болып, он төртинде туўылған айдай Софьяға көзлерин алмай қарайды. Ҳәммени түндеги жағылатуғын от дөгерегиндеги танысыў кешесине мирәт етеринде «Ҳәр ким дәрья, теңиз туўралы өз түсиниклери менен ортақласып, аяқ ойын ойнап я қосық айтып бересиз» деп шәрт қойған.
Әкесиз өскени аздай, арқа сүйер асқар таўы, жатқан жери жарық, қәбири нурға толғай деп шай, аўқаттан соң пәтия ететуғын муғаллиминен айырылғалы үскини қуйылып жүретуғын Сейдуллаға гезек келгенде: «Арал, Әмиўдәрья бул мениң тиришилигим! Оларсыз келешегим жоқ» деп жылап жиберди. Ақ көкиреги менен саўдырап, теңиз түбиндеги «Адақ» ҳәм «Арал төбе»дей сыйқырлы қалалар, «Дөңгелек көл»де дөңгеленип шапқан сүт реңли «Ақбоз» атты тилине алды…
Ай сүттей жарық, айтақыр, жулдызлар ириленип, дараланған. Бир пәрше бултлардың арасында батып-шүмген «Шолпан» жулдызға телмире қарап, даланың жупар ийисли қоңыр ҳаўасын көкирегине толтыра жутқан Софья:
Ташкентте, Шыршық дәрьясы бойында бағ-бақшалы ҳәўлимиз бар. Мийўе-жемислерине писерге жақын ийнениң ушындай қара дақ түссе ширип кетеди. Атақлы бағман, илимпазлар менен ойласқанымызда «қара дақ» Аралдың дузы деген бир шешимге келистик…
Қыз халқы сыншыл. Кеўли жабырқап жүрген Сейдулланы ўақытша жумыс табылғанына қуўанып, айлық алатуғын күнлерге асығатуғын жигитлер қатарына қосқысы келмеди.
Сени, өзине өзи қарсы тура алатуғын курслас достым Луиза менен таныстырайын. Жасында альпинизм менен шуғылланды. Барлық илимлердиң атасы аспан денелерин изертлейтуғын астроном болалмағанына елеге дейин өкинип жүрипти. Тибет таўының ең бийик шоққысы Эверест шыңына шығыў ушын Непал мәмлекетине кетти. Мен, Аралдың ултанына сексеўил егип атырған әкемниң қасына келдим. Суў тәңириси, Сулайман патшаның теңиздеги сыйқырлы қалаларына қыдырт, «Дөңгелек көл»ге апар, «Ақбоз» атқа мингиз! деп қыз жигитке салмақ салды…
Қудайдың қүдирети, узақлардан боз ингенлер желинлери сызлап, күндеги саўдыратуғын ўақты шамаласса тайраңлап келиссе шелегин қолына алған Сейдулла:
Мәңмәң басқан, мәң басқан,
Шуўдаларын шаң басқан, деп басланатуғын қосығын айтқанда Софья боз ингенлердиң арқа-мойынларын қоллары менен уўқалап ийдирер еди.
Көздиң көргенлерин кеўил тоқыйды. Сүйиўшилик пенен суўыныў қас қағымда оянып ҳәм жылт еткен ушқындай өшетуғын татлы сезимлер екен. Жигит қызға урлана қараған сайын еки жүзи гүл-гүл жаныў менен өзин услап-тута алмай тыпыршып қалатуғын дәрежеге жетисти…
***
Теңиздиң ултаны барқулла думанланып, тозаңқып турар еди. Сексеўил егиўшилер даўыл-дүбелейлердиң былағайы басылыўы ушын Жаратқаннан нөсер жаўын тиледи. Теңиздиң терең жерлериндеги жайылым, шалшық суўларында өскен нуў қарағай қамыс, жыңғыллықлар жасын түсип, өртең шалған. Қанатлы қус баласынан баслап, төрт аяқлы қасқыр, шағал, доңыз, қашақ жылқы, жараған түйе, шақлары қуўраған, дуўбақ өгизлер өрислери тарылғанға сеңдей соқлығысты Ҳәр бири өзлериниң суўға жасырын келип-кетер соқпақларын салған. Суў қурыса мама бийелер туяқлары менен жер шуқысып, бүлкилдеген булақлардың көзлерин ашыпты…
Сумлығы асқан қашақ жылқылар аяқ, мойын дузақларға түспеўи ушын бириниң изин бири басып келискен. Шоқат-шоқат қумлы төбеликлерде қараўыл турғанлары қос қулақларын тикирейтип, қәўип-қәтер дөнсе оқырана киснеўи менен пысқырысса қарасын көрсетпей кетеди.
Бахтына, Софья аттың үстинде өскен, тақымы қатқан шабандоз қыз болып шықты. Ат спорты менен Германияда турақлы шуғылланып, англичан, түркмен арғымақларының буўданларын жылаўлап министи.
Сейдулла изин ала бир күншилик жолдағы жумысына қос танаўы пыр-пырлаған бүкир тайын минип баратуғын болды. Франктиң өтиниши бойынша қызына қашақлардан биреўин өлдим-азарда услап мингизеди. Силтесе от шығатуғын жезбаўырдақ қамшысының күши менен күйи қатты қашаққа зорға бас үйреткен.
Атлар гүлтиреп киснесе ҳаўа айнымай қалмас еди. Қара жел гез келген жаққа ессе де қуяш мезгили менен атып, батыпты. Атқосшылық ўазыйпасын атқарғанда қолтығынан демеп мингизеди, зәңгисин басып түсирип алды. Көз жүректиң айнасы. Бирге жүрип-турғанда қызға баўыр басып, сәл жерде өкпелетип алыўдан қорықты. Қәйтсе де дос болып қалыўды қәлер еди…
Сексеўил егип атырған жерге кенеп қалтасы жамаў-жамаў дәрўишсымақ, көсенамай биреў аяқларын шалыс басыўы менен келер еди. Оны узақтан қара басын бағып жүретуғын Досберген саяққа мегзетти. Жүзинде қан-сол қалмаған ғарры бир күни «Алла бәрекелласын» жеткерип, қасларына жақынласыўдан:
Ҳармаң, жигитлер! Тәңир жарылқасын, табанларыңыз тийген қумлық теңиздиң алпыс бес қулашлық ең шуқыр жери. Тоғыз азналы кемемниң ескек есип, жағалаўына жылқы жуўасыттым. Ишиндеги не бары тынық суўында көринди. Қудайдың көзи дүзиў болсын, досқа да, қасқа да инсап берсин, кеўиллерине жақсылық салсын! Қайғы-муңсыз адамды көрмедим, – деп иши-баўырларына кире сөйледи.
Қашқан қутылғысы, қуўған жеткиси келеди. Жаман аттың бабын тапсаң тулпар. Уры ғардың шериги, инине тығылған гөр тышқанның өзимен…
Сүф десем дәрьяның суўын терис ағызып, әўпилдеген теңиз қақ айырыла жол беретуғын әрўағым қашты. «Дөңгелек көл»диң бетин толқынсақлар басып, демин ишине тартқанынан қорықтым. Қайнаўытлаған әбиҳаят суўы шыпабағыш. Ески қорғаншаның сүлдери тусындағы дүмпешиктен жер астына киретуғын жоллары пителип қалды. Ата көргенин бала, бала көргенин атаға несип етпейтуғын заманларға дус келдик. Қанатлары елпилдеген «Ақбоз»ға ийелик еткиси келгенлердиң талайы жазым болды. Бизики де қуры сенделиспе! деген ғарры сол қолын көтерсе көзлеринен ғайып болып, қумлы төбеликте бурқылдап шаңы көринди.
Теңиздеги тандырдай ҳәўирлеген көкшил, сағымы алдамшы. Меңиреў саҳра шырлап жылаған нәресте даўысы, дөңгелеклери майланбаған арбаның ғыйқылды-шыйқылдысына уқсаған қорқынышлы сеслерге толғандай еди. Аспанның түбелеги түсип, үш күн, үш түн қатарына тынбастан жаўын жаўғанға ҳәмме «Топан суў» басады деген ойға берилди. Жер-көк ләрзем алып, аспан қақ-қақ айрылды. Күндиз қуяш, түнге қарай ай тутылған күни қыз бенен жигит күн шыға атларының беллерине ҳаққа тәўекел минди. Жорға-жортақ желислери менен нешше қырлардан асса да қумлықтың шети-шебирине шыға алмады. Ҳәр жер, ҳәр жерлерде жағысқа жете алмай, қумға ярым белине шекем көмилген кеме, судно, мотофлюгалардың узын мачталары көринеди.
Елсиз жерде ийт таптырмайтуғын жолдас. Излерине ерген Ақжол тимискилениўи менен жақын дөгеректе тиришиликтиң барын сезгендей қумлы төбеликлерге қарай арсылдап үргенге изине ериседи. Бир белестиң артында «Дөңгелек көл» айнадай жарқ етти. Ысылдаған түйе өркеш қумлыққа алтынның усағын араластырғандай жалт-жулт етип, көзлерин қамастырмаға қарады. Сығымласа сынаптай жылыслап, бармақларының арасынан суў киби тамшылады.
Соңғы жыллары қыс қатты келип, жаз оғыры ысып кетти. Ҳәзирги барысында Антарктида да, бийик таўлардың басларындағы мәңги музлықлар ерип, жер жүзин суў басып кетиў итималлығы бар…
Теңиз арқаның суўық самалын иркетуғын «қалқан» ўазыйпасын атқарып, аймақта ҳаўа райын турақластырып турғанын ҳеш ким бийкарламас. Жер көшеринен тайып, аўнап кеткен бе, дөгеректи суў басып атырғанда, бизлер таң қалғандай қурғақшылық. Қумлар ҳүжимге өтпеге қарады. «Қумбасқан» деген атамалар өз-өзинен пайда болмаған. Қарай ғой, сүт писирим ўақытта қум тобығымызға шекем үйилди. Диземизден өтип, белбуўарымызға жетсе ҳәрекетлене алмай қаламыз, деп Софья қәўетерлене баслады.
Теңиздиң борпылдаған топырағы ала-бурқан. Даўыллы күнлери аўзыңды қулақларға тақап сөйлеспесең өз даўысың өзиңе еситилмейди. Ерлериниң басына қыстырған термосларынан ара-тура суў уртлағаны болмаса ашы-тоқлығын умытысты.
Қайтарына жол таппай тубалағанда «мәмелек» айландырғанын түсиндиргени менен теңиз бойын жайлаған адамхор қасқырлар ҳаққында айтқысы келмеди.
Жер теңселдирген қара жел басылса қулаққа урғандай жым-жыртлық ҳүким сүрмеге қарайды. Ат дорбасына ишине жел толтырса тегараң суўда жүзетуғын резина қайығын салып шыққаны менен пайдаланыўдың рети болмады. Компасы менен арқа, қубла, шығыс пенен батысты анықлап алғаннан соң төбеликте қолын көзлерин көлегөйлеп, маш аңлап турысты. Таңғы шапақ пенен кешки сағымға исенип болмас екен. Қумның жанбаўырындағы күн нурына шағылысқан диңгекке жақынласса бийиклиги тик турған адамның төбеси тийместей ықтырма. Кимде болса қолы епли, пуқта адам салған. Қарамы шаппаттай бақаншақларды жипке дизип, бир-бирине қурастырғанынан қар-жаўын сыпқанап, ишине тамшы тамызбайтуғын шифер хызметин атқарыпты. Есик-терезелери муқыят жабылған. Ықтырма гүзли-бәҳәр шопан, аңшылардың ўақытша жасап кететуғын баспанасына усар еди. Есиги алдында жер тепсинискени менен ҳеш ким шығып хабарласпаған соң атларынан түсисти. Батыллық пенен ишке киргенде бир айлықтағы «ҳармасын» айтып кеткен ғарры жер ошаққа арқасын сүйеп, жер сыйпалап отыр. Елпилдеп соққан көкирегиниң епкини билинер-билинбес еди. Аяқ-қоллары қырық жарық, әжим басқан жүзлери күнге күйреп, аязға тотыққан. Астына ири қамысты женшип тоқыған еки қабат шыпта төсеўли. Сақал-мурт, шашлары аппақ, тула беденин түк басқан, көзлерин бир ашып, бир жумғанға басы қалт-қулт етеди. Көзлери ғана емески жылтырап, гөрден қазып алғандай адам сүлдери қалмаған. Тарамыс қоллары ҳәрекетке келип, тиссиз аўзын қайта-қайта ашып, есней береди.
Уйқысы дәўдиң уйқысындай қатты екен! деп Сейдулла сөз басласа Софья:
Бизлердиң келгенимизди билип атыр. Адам өз өмириниң үштен бир бөлегин уйқыда өткереди. Жеке сийрек ушырасатуғын лотергиялық уйқы еле медицинада толық изертленбеген. Бәлким, «Қар адам»ына гезлесип турмыз ба? деп сыбырланды.
Қыз бенен жигиттиң айтысқанларына қулақ салып, қыймыл ҳәрекетлерин бақлап отырған ғарры жөткирингенде аўзынан жапырақтай қан түсти.
Сизлер кимлерсиз, өзи? Мен, усы жағалаўда әлимсақтан берли барман! деп еңиз-теңиз, солқылдап жылады.
Барлығымыз Адам ата, Ҳаўа енениң әўладларымыз. Ҳәким Улықпандай ким мың жасар дейсең?! Дүнья мәңгилик болғаны менен адамзаттың өмири қысқа. Әўелдиң ақыйрын берсин, қудайдың өлшеп берген дем күни таўсылмаса бендеси өлмейди. Сағым булттай көшетуғын пәний дүньяның алды сайран, изи ўайран!..
Маған абай-сиясат етпең, жасарымды жасап, асарымды асадым. Бир жаманның кесири жети журтқа тийген. Сумырай келсе аққан дәрья қурып, теңиз кеўеди. Сынбасты уста соқпас, өлмести қудай жаратпас. Баўыры суўық қара жер анам, көк аспан әкем. Айланып келгенде, қудай ғарғаған бенде болдым. Қылмыскер емеспен, уят өлимнен күшли, бурынғы тиришилигиме қайтыўым неғайбыл. Бир аяғым жерде, бир аяғым гөрде. Өлсем ийманымды үйиргендей адам табылмас, кепин, он еки мүшем сыйғандай шуқанақ ҳәм буйырмайды. Мусылманшылық тилинде болғаны менен кеўлинде жоқ, қудайдан қорқпағанлардан қорқып жасайық…
Қус уйқылыман, қырық кисиниң күш-қуўатым бар еди. Бурқып аққан дәрьяның гә оң, гәде сол жағалаўларында өрге қарай табанлап салдаў тарттым. Айдынларға сыймай, қанатлары патырласа қонатуғын аққуўлардың үнине зар болдым. Ақ көбиги аспанға шапшыған, ақ жал толқыны бәрқулла дегиш алып, жартаслап ағатуғын, ат жүздирген дәрья неге қайтыў?! Дузлы суўына қанатларын шайып, шаңқылдысы жер жаратуғын шағалаларым қайда? Үйимиздиң алдындағы гүмис жапырақлы екпе, гүллесе хош ийиси елтетуғын жийделик еди. Ақтерек жети жылда ержетсе, үш жылдан шанышқыма сап болды. Сен, жигитти биреўге усаттым. Қасыңдағы қыз ғайры журтлы…
Өткен өмирим кирпик қаққан шелли болмады. Тил-жағым тасқа, дүньяны суў алса үйрекке бир пул. Дүньяны «Топан суў» басар болса, бақаншақлы үйим қайықтай жүзеди…
Адамның тәни тозса да жаны тозбасын билдим. Неше ўақытлардан берли силем қатып жатсам да уйқым қанбады. Бесик пенен табыттың арасы узақ жол, деген ғарры үнсиз, тилин тислеп қалды.
Қанша ойланғанлары менен ой түбине жете алмаған қыз бенен жигит өликсе ғаррыны ғәплет уйқысынан оята алмай, бақаншақлы үйинен сыртқа шықты.
Гәп-сөзлери дүзиў, ой-қыялы бузық адамға усатпадым. Мәрт адам ели-халқына қыянет етпес! деген Сейдулланың сөзлерин қыз басын екшеў менен үнсиз мақуллады.
Арқа-батыстан суўық самал есип, аспанда бирең-сараң жулдызлар көрине баслады. Изине ақ жолақ қалдырып аққан биреўине «Жулдызым бәлент болсын» деп сыбырланған Сейдулла:
Мусылманлар «жердеги жасайтуғын адамлардың жаны аспандағы жулдызлар деген түсиникте. Кимниң жулдызы ағып түссе ийесин өлгенге санаймыз. Соған бола «Жулдызым бәлент болсын» деп жақсы тилек тилейди, дегенине таңланып:
Маған қарақалпақлардың ырымлары жүдә унайды. Дала халқы қыялпараз, даналығы басым, деп кеўиллерин хошлаған соң бир орнынан табжылмай туратуғын «Темир қазық» жулдызды дәстаныса жүрди. Тастай қараңғы түнде сексеўилликтиң арасына тығылған мәлим пышықлар теклеси, аламыш жолбарысларға усап кетсе, путалықларда сур гөжеклер секеңлеп қашпаға қарады. Желиги басылмаған атларының басларын бос қойғанда өзге бир сыйқырлы дүньядан жердеги мәкан жайы палаткаларын адаспай таўып келисти…
***
Адам өмири аспандағы айдай бирде толса, бирде жартыланады. Қыз бенен жигит бос ўақыт тапса қолға-қол усласыўы менен теңизди шарап қайтатуғын еди. Анасының «Күн шаңғытып, даўыл турса суў тасыйды» дегенлери өз тастыйығын таппағанына қыйналысты.
Ўақыяны көрип-билгенлер болмаса, еситкенлерди гүўа тутасаң. Устазы өз қолы менен жазып қалдырған ўәсиятнамасына: «Жайым, ишиндеги барлы-жоқлы дүньяларым Сейдулла шәкиртиме берилсин» деген жазыўларын биротала нотариуске тастыйықлатып кеткен. Есигиндеги қулпын гилти менен ашып киргенде, бир шетке текшелеп жыйнаўлы жалпақ таслардағы адам қолы менен сызылып, қашалған кийик, ат, түйе, өгизлердиң сүлдери қайсы әсирлерге туўра келерин билмей қыйналысты…
Техникалық орайдың ис режелерине муўапық, қыйын шараятларда жасап ҳәм мийнет етип атырған сексеўил егиўшилердиң бос ўақытларын кеўилли өткериў илажлары киргизилипти. Ташкент қаласына үш күнлик саяхат уйымластырылып, ўақыттан утыў ушын самолёттың барып-келиўине билетлер алынады. «Бес жулдызлы» мийманханаларда жатып, ресторанларда аўқатланыў, кинотеатр, музейлерге барыў күнбе-күн, саатпа-саат режелестириледи.
Ташкентке бирге барсақ Шыршық дәрьясы бойындағы дала ҳәўлимизге мирәт етемен. Анам, досларыма сиз туўралы көбирек айтқаным ушын сыртыңыздан жақсы танып билиседи. Қарақалпақстанға шығарып салғаннан соң Германиядағы оқыўыма кетемен, деген сөзлерди кирпигине илинген бир тамшы жасы дирилдеўи менен айтса: Сейдулланың шүңирейген көзлери иштеги жеп баратырған аўырыўы жанына батқанын аңлатар еди. Сүйгенинен сыр жасырғысы келмей:
Рахмет, Ташкентке табаным тартпайды. Оннан да, «Дөңгелек көл»ге барып, «Ақбоз» атқа сени тезирек мингизиўдиң талабында болайын, деп асығыс хошласқанда үйине жете жығылады.
Экранларында бир-бирлерин көрип сөйлесетуғын қымбат баҳалы қол телефонларын сатып алған Софья саўғасын жигитке әкеси арқалы табыс еткендеги биринши тиллесиўинде:
«Сейдулла, кешир мени, аўырған гезлериңде қасыңда болалмадым. Бүгин қысқы сессиямның ең соңғы күни. Кешқурынғы самолётта Ташкентке, азанда Нөкиске қарай қанат байлап ушаман. Сағынып көрискен қандай жақсы. Теңиздиң ортасындағы бақаншақлы үйде жасайтуғын ғарры түслериме енип жүр. Тири болса өз қәўендерлигимизге алайық. Аралдың сыры менен тарийхын жақсы билетуғын адамлар аз қалды…
Айтпақшы, Эверест шыңына шыққан жан достым Луиза төбесинде екеўимизге бахыт тилеп, әлемге жар салыпты. Қытай менен Монголия орталығындағы «Гобби»деги көшпели «Лобнор» көли ҳаққында топлаған қызықлы мағлыўматларын бирге тыңласақ еди. Арал теңизи беттен исенимли дос тапқаныма қуўанышы қойнына сыймай жүрипти…
Сейдулла! Ядыңда ма, теңиздиң ултанын атлы гезгенимизде төбемизден ушып өткен жуп торала ғазға «Адасып табысқан муңлы ашықлар-әй!» деп емирене қарап, гүбирлеп едиң. Бизлерди Аралдың ултанында Жаратқанның өзи табыстырды…» деген сағынышлы ҳаўазлары узақлардан еситилгенде жүзине қан жуўырып, бойына диңке енгеннен аяғының үстине минди…
Нөкис қаласы, 2019-жыл.