Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен 6 жасар балаларды бийпул мәжбүрий билимлендириўге тартыў бойынша өткерилген тәжирийбе-сынақ бүгинги күнде пүткил мәмлекетимизге енгизилмекте.

Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып 2017-жыл 17-ноябрьде шөлкемлестирилди. Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими шөлкемлестирилгенинде 20 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, олардың төртеўи филиал сыпатында жумыс алып барды. Бул мәкемелерде 3-7 жастағы 2400 бала тәрбияланатуғын еди. Бүгинги күнге келип мәмлекетлик Инвестиция бағдарламасы тийкарында 10, «Абат мәҳәлле» Бағдарламасы тийкарында 3, «Шорахан» аўыл пуқаралар жыйынында 160 орынға ийе 1 жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми иске түсирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын және де хошаметлеў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 7 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылды. Буның ушын коммерциялық банк тәрепинен 15 жылға 10 миллиард 668 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылды ҳәм исбилерменлер тәрепинен барлық қолайлықларға ийе мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери иске түсирилди. Нәтийжеде 600 бала қамтып алынды. Олардың 25 процентин көп балалы, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери қурайды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-июльдеги «Шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысы бойынша рухсатнама бериў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен 20 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилди. Шөлкемлестирилген Шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң дерлик 80 проценти аўыллық жерлерде шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Балаларды баслаўыш билимлендириўге мәжбүрий бир жыллық таярлаўға басқышпа-басқыш өтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда улыўма орта билим бериў мектеплеринде, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлерде ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери базасында 6 жасар балаларды бийпул мәжбүрий билимлендириўге тәжирийбе сынақ тәризинде 3717 бала тартылды. Олар сапалы мектеп билимлендириўи басқышына таярланып, 2019-жыл август айында Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң сертификатлары тәрбияланыўшыларға салтанатлы түрде тапсырылды.

– Бүгинги күнде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 360 тәрбияшы балаларға тәлим-тәрбия берип келмекте, – дейди Төрткүл районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Раъно Розумбетова. – Олардың 52 си жоқары, 28 и толық емес жоқары ҳәм 280 и орта арнаўлы мағлыўматқа ийе қәнигени қурайды.

Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими шөлкемлестирилгенде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 3-6 жастағы 2 мың 400 бала болған болса, алып барылған жумыслардың нәтийжесинде ҳәзирги күнде 10 мың 730 бала тәрбияланбақта. Районымызда 3-7 жастағы 17 мың 719 бала болып, олардың 60,5 проценти мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынған. 2020-жылы да Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери шөлкемлестирилип, жақын келешекте 100 процент балаларды қамтып алыў режелестирилген. Усы жылдың ақырына шекем және 4 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми иске қосылады.

 

 

Соңғы еки жыл ишинде Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 10 ға, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 7 ге, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 20 ға көбейди. Сондай-ақ, барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери бақлаў камералары менен үскенеленди.

Бүгинги күнде районымызда жәми 57 мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта. Усы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасы заман талаплары дәрежесинде беккемленип, кишкене балаларымыздың тәлим-тәрбия алыўы ушын шараятлар түп-тийкарынан жақсыланды. Ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирилди. Соның ишинде, инглис, рус, корейс тили, шахмат-шашка, көркем гимнастика, менталь арифметика ҳәм аяқ ойыны және басқа да дөгереклер турақлы түрде ислеп турыпты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.