Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдынан республикамызда түрли илажлар өткерилмекте

Байрам алдынан Нөкис гарнизонына қараслы әскерий бөлимлердиң биринде барлық қолайлықларға ийе жатақхана пайдаланыўға тапсырылды.  Оның ашылыў салтанатында Арқа-батыс әскерий округиниң сәркардасы, полковник Д.Чориев, Нөкис районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Тоқымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында Қураллы Күшлер тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, әскерий тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик хызметин алып барыўлары ушын жетерли шараятлар жаратыў, оларды социаллық қорғаў, оларды ға айрықша әҳмийет берилмекте.

«Қурылыс проинвест» жуўапкершиликги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген, 100 орынға мөлшерленген  жатақхана заманагөй дизайн тийкарында безелген, Барлық қолайлықларға ийе  жатақханада жаслар аўқамы жетекшиси, дем алыў, турмыс хызметин көрсетиў, жуўыныў, спорт пенен шуғылланыў, руўхый-ағартыўшылық бөлмелери ислеп тур. Ҳәр бир бөлмеге электр энергиясы ҳәм жыллылық пенен тәмийинлеўши үскенелер, әскерий хызметкерлердиң дем алысын мазмунлы өткериўи ушын телевизорлар қойылған.

-Әскерий хызметке киятырғанымда бундай қолайлықларға ийе шараятта хызмет етемен ойламаған едим,-дейди мүддетли әскерий хызметкер, қатардағы Мухаммеднозим Анварбеков.-Байрам алдынан жатақхананың пайдаланыўға тапсырылыўы әжайып саўға болды. Бундай шараятлар бизлерди елимизхди қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны атқарыўда еле де жигерли хызмет етиўге жетелейди.

Илаж соңында әскерий бөлимге Нөкис районы ҳәкимлиги атынан байрам саўғалары тапсырылды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.