Усы жылдың 6-январь күни ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы шөлкемлестириўинде Өзбекстанның заманагөй журналистикасын раўажландырыў орайы ҳәм Уллы Британияның Ташкент қаласындағы елшиханасы тәрепинен «Мағлыўматлар журналистикасы» курсы бойынша фасилитативлик сессия өткерилди.

ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы тренери, медиаэксперт Эмиль Фахреев республикамыздың барлық аймақларынан келген ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин мағлыўматлар үстинде ислеў тийкарлары менен таныстырды.

Илаж даўамында мағлыўматларды жеткериўдиң жаңа усыллары ҳәм медиатутыныў, ашық мағлыўматлардан пайдаланыў жоллары, дата-тармақлар жаратыў бойынша мәсләҳәтлер берилип, мағлыўматларды визуалластырыў, инфографика, интерактив карталар, квизлер, дизим ҳәм тестлер үстинде ислеў қағыйдалары түсиндирилди.

Семинар-тренинг шеңберинде журналистлер ашық мағлыўматлар, халықаралық мағлыўматлар базалары ҳаққында билимге ийе болып,  үлкен көлемдеги санлы мағлыўматларды қайта ислеўге, визуализациялаўға арналған сервислерден әмелиятта пайдаланып көрди. Қатнасыўшылар темалар излеў ҳәм эксклюзив материаллар таярлаў бойынша өз тәжирийбелери менен бөлисип, мағлыўматларды қайта ислейтуғын, инфографика ҳәм анимация программалары менен танысты.

Бул илаж жергиликли ғалаба хабар қуралларының объектив ҳәм инклюзив медиаконтентти жаратыў бағдарында потенциалын және де арттырыўға, журналистлердиң мағлыўматлар журналистикасы тараўы бойынша билим ҳәм тәжирийбелерин беккемлеўге қаратылған.

– Дата-журналистика – мағлыўматларды пайдаланыўға, қайта ислеўге, анализлеўге, оқыў ушын қолайлы, аңсатластырылған көринисте усыныўға қаратылған журналистиканың жаңа, заманагөй бағдары болып табылады, – дейди «Вести Каракалпакстана» газетасының хабаршысы Х.Халилаева. – Ҳақыйқатында да, журналистика бир орында тоқтап қалмаўы керек. Бизлер заман менен тең адым атыўымыз лазым. Мен бүгинги семинар-тренингтен толық қанаатландым. Себеби, семинар-тренингте заманагөй программалар ҳаққында түсиникке ийе болдым.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.