Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына «Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын усыныснамалар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарар жойбары жайластырылды.

Ҳүжжетке муўапық усыныснамалар Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп болған, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен, зәрүрли билим дәрежесине ийе, үлгили әскерий тәртибин көрсеткен ең мүнәсип әскерий хызметкерлерге әскерий бөлимниң командири тәрепинен бериледи.

Белгилениўинше, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп болған пуқараларға әскерий бөлимлердиң сәркардалығы тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын берилген усыныснамалар, олар берилген сәнеден баслап үш жыл даўамында әмел етеди.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп, әскерий бөлимлер сәркардалығының тийисли усыныснамаларына ийе болған:

пуқаралар республиканың жоқары билимлендириў мәкемелериндеги тийисли тәлим бағдарларына оқыўға кириўде тест сынақларының нәтийжелерине бола жыйналған баллардың 50 проценти муғдарында қосымша балл түриндеги жеңилликке ийе болады;

абитуриентлерди республиканың жоқары билимлендириў мәкемелери  (жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) бакалавриатына оқыўға кириўи ушын тийисли оқыў жылына тастыйықланатуғын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў параметрлеринен тысқары өз алдына қабыллаў көрсеткишлери ажыратылады ҳәм олар усы көрсеткишлер шеңберинде таңлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болады.

ӨзА