Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мағлыўматларына қарағанда өткен жылдың январь-октябрь айларында республикамыздағы мийманхана ҳәм басқа да жайласыў орынларына 22 мыңға шамалас шет ел туристлери қабыл етилген.

Бул алдыңғы жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 142 процентке (14603) көп. Саяхатшылардың тийкарғы бөлеги Италия (2240), Франция (1966), Германия (1542), Россия (1524), Қытай (1327), АҚШ (1245), Уллы Британия (1215), Япония (967), Испания (856) ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген мийманлар болып есапланады.

Шет елде «Саҳрадағы мерўерт» аты менен кеңнен белгили болған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң өзине 124 мың 192 саяхатшы келген болса, соның 12 мыңы шет ел туристлери болып есапланады.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрдеги 846-санлы қарарына муўапық, республикамызда жәми 288 мәдений мийрас ҳәм зыярат объектлери дизимнен өткен,-дейди басқарма баслығы Б.Кусекеев. – Олардың 131и археологиялық, 24и архитектуралық, 88и монументал объектлер, ал 45и басқа да дыққатқа ылайық орынлар болып есапланады.

Жәми 31 мийманхана, 4 миллий қара үйлерде шөлкемлестирилген кемпинг ҳәм 12 мийман үйлери, түристлик классқа киретуғын 9 автобус, 4 микроавтобус, 28 жол таңламайтуғын автотранспорт қураллары келген саяхатшыларға хызмет көрсетпекте.

Өткен жылы Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2018-2019-жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған бағдарламалар ҳәм басқа да инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизимине муўапық, жәми баҳасы 31,1 миллиард сумлық 29 жойбар әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде 123 жаңа жумыс орны жаратылды.

Атап айтқанда, 2019-жылдың басынан берли 1 мийманхана, 1 хостел ҳәм 8 мийман үйи иске түсти, 16 туроператорлық субъект шөлкемлестирилди. Туристлерге хызмет көрсетиў жеңиллиги менен туристлик классқа киретуғын 7 автобус алып келинди. Аэропорт, темир жол вокзалы ҳәм И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде бийпул «WI-FI» зоналары шөлкемлестирилди. Туристлик объектлерде ҳәм жол бойларында жәми 24 жол көрсеткиш белгилери орнатылды.

Келген туристлерге еле де қолайлы болыўы ушын 18 орында миллий ҳәм шет ел валютасын алмастырыў шақапшалары орнатылып, оларда Visa Card, Master Card ҳәм  басқа да халықаралық төлем қуралларынан пайдаланыў имканияты жаратылды.

Алға қойған режелеримиз көп. 2020-2021-жылларда республикамыздағы туризмди ҳәм оның инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде баҳасы 60,05 миллиард сумлық 20 жойбарды әмелге асырыў режелестирилмекте. Булар әмелге асса 400ге шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Атап айтқанда, транспортлық инфраструктураны раўажландырыў бойынша 1 миллиард сумлық қаржыны өзлестириў есабынан туристлик транспортлық хызметлер шөлкемлестириледи. Өнерментшилик орайлары, саўда шақапшалары, естелик саўғаларын ҳәм сувенирлерди ислеп шығарыў ҳәм сатыўды шөлкемлестириў бойынша объектлердиң жумысы жолға қойылады.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң Германияның GIZ (Германияның Халықаралық бирге ислесиў жәмийети) шөлкеми менен биргеликте 2019-2020-жылларда Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыўға бағдарланған «Өзбекстанның айырым аймақларында турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар да усының қатарына киреди.

Сондай-ақ, жергиликли ҳәм шет ел саяхатшыларына көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыў мақсетинде аўдармашылар, мийманханалар менен ресторанлардағы хызметкерлердиң ҳәм туристлерге хызмет көрсететуғын басқа да кадрлардың турақлы түрде арнаўлы оқыў курсларында ҳәм мастер-класслар шөлкемлестирилген ҳалда тәжирийбеси арттырылып барылады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.