МАРАТ НУРМУХАМЕДОВТЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎ

Жулдыз ағып кетсе ақшамғы ўақта,

Бирден сен тусерсең ядыма мениң.

Жасын түсти десе жасыл дараққа,

Дәрҳал сен тусерсең ядыма мениң.

 

Измир шөллеринде ескен самаллар

Түрки тилде жоллап қайғылы хабар,

Ийесин жоғалтқан бир ат жаныўар

Тынбай сегбир тартар ядымда мениң.

 

Еки суңқар изли-изинен ҳаўада

Қанатлары сынып түсти кыяға…

Тәғдир қастын тиккендей бир уяға,

Не қыяллар келмес ядыма мениң.

 

Ҳийлекерлик жолын тутқанды көрсем,

Алымсып паңсыған наданды көрсем,

Жүйрик сағындырар шабанды көрсең,

Сондайда түсерсең ядыма мениң.

 

Дурыслықты бурмалап, паңсып, назланып,

Ақбайталлық етип жағымпазланып,

Сөйлеп турғанларды көрсем, қыйланып,

Мудам сен түсерсең ядыма мениң.

 

Мураплар билдигин ислеп сағада,

Теңиз таслап кеткен ески жағада,

Ҳәзир керек болып турсаң оғада,

Дәрман айтардай-ақ дадыма мениң.

 

Биреўлер аңбаса, биреўлер аңлар,

Дүньяға көп келмес гөззал инсанлар.

Әжел наймыт ол ҳәм жақсыны таңлар,

Дийдарың мөр басқан ядыма мениң.

 

Измир шөллеринде ескен самаллар

Түрки тилде жоллап қайғылы хабар,

Ийесин жоғалтқан бир ат жаныўар

Тынбай сегбир тартар ядымда мениң …

 

Ибрайым ЮСУПОВ

1989-жыл. Москва

Қарақалпақстан хабар агентлиги