Өткен екшемби күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 1, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 2, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге 38 округте қайта даўыс бериў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши 8-Ақманғыт сайлаў округинде де қайта даўыс бериў шөлкемлескенлик пенен өткерилди. Округлик сайлаў комиссиясы баслығының атап өткениндей, барлық 72 сайлаў участкасында сайлаўшылар қайта даўыс бериўге белсене қатнасты. Усы күни 126241 сайлаўшының көпшилиги өзлери қәлеген талабан ушын даўыс берди.

Сайлаўдың барысы менен танысыў мақсетинде Нөкис районындағы 12-Узынкөл сайлаў округине қараслы 371-сайлаў участкасында болғанымызда, буның гүўасы болдық.

-Аймағымызда жәми 2082 сайлаўшы болып, соннан саат 14.00 ге шекем 623 сайлаўшы даўыс берди,-дейди участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Қурбанай Қыдырниязова.-Соның ишинде майыплығы болған ҳәм кексе жастағы 22 сайлаўшы ушын жасаў орнында даўыс бериў шөлкемлестирилди.

Солай етип, барлық сайлаў участкаларында сайлаўшылар белсендилик көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.