Усы жыл 4-январь Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың республикамыздың белсенди жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Илажда Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда билдирилген пикир ҳәм усыныслары, оннан келип шығатуғын ўазыйпалар сөз етилди. Жаслар менен ушырасыўда елимиз басшысының атап өткениндей, 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады. Ҳәкимлер ҳәм жуўапкер басшылар жаслардың машқалалары менен танысып, ҳәр айда бир рет жергиликли кеңеслердиң сессияларында оларды додалаўы, халық ўәкиллерине есабат бериўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, жаслардың бәнтлиги, турақ жай тәмийнаты, бос ўақтын мазмунлы өткериў, билим алыўға ҳәм кәсип үйрениўге болған талабын бәрқулла үйренип, анық илажлар көриўи шәрт.

Президентимиз 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары ўақтында Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егип, жасыл тоғайлар пайда етиў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Бундай ийгиликли ислер даўам еттирилип, быйылғы жылы 700 мың гектарға сексеўил, қандим ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егиў режелестирилмекте. Бул жумысларға ўәлаятлардан, республикамыздың қала ҳәм районларынан мыңға шамалас түрли маркадағы техника, төрт дана самолёт алып келинип, 2500 ден аслам жумысшы қатнасыўы күтилмекте.

Жаңа жыл байрамы алдында республикамыз жаслары Арал теңизиниң қурыған ултанында болып, әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар менен жақыннан танысты. Тек танысып қалмастан, өзлери де самолётларда, түрли техникаларда, соның менен бирге қолда өсимлерди егиў жумысларына қатнасты. Бул жерде мийнет етип атырған жумысшылар менен пикир алысыўлар болды. Әлбетте, олардың пидәкерлик мийнети ҳәр тәреплеме үлги болып, жасларымызды теңиздиң қурыған ултанын тоғайзарлыққа айландырыў, солай етип, аймағымызда экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында мийнет етиўге рухландырды.

Ушырасыўда Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, «Ниҳол» сыйлығының ийеси Ш.Турсынбаев, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының дикторы А.Қалыбаева, Бозатаў районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Г.Оразбаева, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти М.Туребеков сөзге шығып, жасларға көрсетилип атырған итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Арал теңизиниң қурып барыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў және теңиз ултанынан дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиў  жумысларына жасларымыз таяр екенлигин атап өтти.

-Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда қатнасыў бахтына миясар болдым,-дейди Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, «Ниҳол» сыйлығының ийеси Шыраз Турсынбаев.-Онда Қарақалпақстаннан опера мектебин шөлкемлестириў усынысын билдирдим ҳәм  мениң усынысым Президентимиз тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Ушырасыўда жаслар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм олардың усыныслары бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.