2019-жылдың гүз ҳәм 2020-жылдың бәҳәр мәўсимлеринде Арал теңизиниң қурыған ултанынан «жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайларын пайда етиў жумыслары ушын сексеўил туқымын жыйнаў ҳәм егиў қызғын алып барылмақта.

Бүгинги күнге шекем қала ҳәм районлардағы Тоғай хожалықларының, Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери, жергиликли турғынлардың қатнасыўында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Кешеги күнге шекем 829 тоннадан аслам сексеўил, 541 тоннадан аслам қандим ҳәм басқа да өсимликлердиң туқымы таярланды. Таярланған туқымларды егиў ушын  қарықлар жарылып, қамыслардан ибарат самалдан қорғаныў ушын арналған қурылмалар, арнаўлы техника жәрдеминде сексеўил туқымын егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы жыл 2-январьға шекем 101,2 мың гектар жерге 404,8 тоннадан аслам туқым егилди. Сондай-ақ, бул өсимликлерди нәллерден де егиў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги