Ташкент қаласында 12-июнь күни видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда усы жылдың биринши ярым жыллығы бойынша күтилип атырған нәтийжелерди алдыннан талқылаў, жүзеге келген кемшиликлерди жеделлик пенен сапластырған ҳалда, барлық салалар менен тармақларда белгиленген болжаў көрсеткишлерине және мақсетли параметрлерге ерисиўди тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалар додаланды.

Мәжилиске Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, министрликлер менен ведомстволардың, хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң баслықлары, ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери, министрликлер менен ведомстволардың аймақлық бөлимлериниң, орынлардағы кәрханалардың басшылары, жәмийетлик ўәкиллер ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Мәжилисти Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басқарды.

Мәжилисте елимиздиң раўажланыўын жаңа басышқа көтериў бойынша белгилеп алынған стратегиялық ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша усы жылдың өткен дәўиринде ерисилген унамлы нәтийжелер атап өтилип, бүгинги реформалар процессиндеги кемшиликлер менен машқалалар, оларды шешиў жоллары, атқарыў тәртибин беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме талқыланды. Соның ушын, мәмлекетлик басқарыў уйымлары системасында топланып қалған машқалаларды шешип, усы системаны түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин аттырыў бойынша кейинги ўақытта кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда, әсиресе, 22 министрлик, мәмлекетлик комитет, компания, ассоциация ҳәм басқа да структуралар жаңадан ямаса қайта шөлкемлестирилгени, Министрлер Кабинети комплекслери қурамындағы онлаған уйымлардың структурасы өзгертилип, олардың тийкарғы ўазыйпалары менен функцияларына анықлық киргизилгени әҳмийетли әмелий қәдем сыпатында атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бул өзгерислер барлық салада да күтилген нәтийжелерди бермей атырғаны, айырым жаңа министрликлер менен ведомстволар өзиниң жумысын елеге шекем нәтийжели жолға қоймағаны, бул болса 2017-жыл ушын белгиленген бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетип атырғаны сынға алынды. Соның ишинде, шөлкемлестириў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенине бир неше ай өткенине қарамастан, «Өзагроэкспортбанк» ҳәм «Пайтахтбанк»тың шөлкемлестириўшилери тәрепинен усы банклердиң жумысын жолға койыў елеге шекем тәмийинленбегениниң себеплери терең талқыланып, оларды сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Мәжилисте, әсиресе, экономиканы басқарыў саласында ески қәлиптеги, реал турмыстан узақ, үстиртин қатнас жасаўға жол қойып болмайтуғынына, бүгинги жедел раўажланыў барлық тараўларда жағдайды сын көз-қарастан баҳалап, оларды раўажландырыўда жаңаша усыллар менен нәтийжели системаларды, заманагөй басқарыў усылларын енгизиўди, жоқары жуўапкершилик пенен инта көрсетиўди талап ететуғынына айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳүкиметтиң усы дәўирдеги жумысын талқылап, аймақлар менен ислесиў, ҳәр бир машқаланы орынларға барған ҳалда, терең ҳәм пуқта үйренип, башқышпа-басқыш шешиў,  нәтийжелилик Министрлер Кабинети комплекслери, министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли ҳәкимият уйымлары басшыларының жумысын баҳалаўда әҳмийетли өлшем болатуғынын атап өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев экономиканың айырым салалары менен тармақларында биринши ярым жыллықтың жуўмақлары бойынша күтилип атырған нәтийжелер туўралы сөз етип, бул бағдарда бир қатар комплекслер, министрликлер ҳәм тармақлардың басшыларына орынлы наразылықлар бар екенин атап өтти. Мәселен, «Өзбекнефтьгаз» миллий холдинг компаниясының қоспа кәрханаларында газ қазып шығарыўда артта қалыўшылыққа жол қойылмақта. Жеңил, азық-аўқат, тери-аяқ кийим санаатының айырым кәрханаларында өним ислеп шығырыўдың көлемин кеңейтиў жеткиликли дәрежеде тәмийинленбеген.

Мәжилисте атап өтилгениндей, орынларға барып, ҳәр бир ўәлаяттың өзинде қосымша резервлер менен имканиятларды излеп табыў, сол тийкарда перспективалы жойбарлар ислеп шығыў әмелияты унамлы нәтийже бермекте. Бүгинги күнге шекем улыўма нырқы 23 триллион сумнан зыят 1260 жойбарды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша жаңа имканиятлар бар екенлиги анықланды. Соның менен бирге, аймақларды раўажландырыўға, ишки базарды өнимлер менен толықтырыўға, экспорт көлемин кеңейтиўге, ең әҳмийетлиси, адамларды жумыс пенен тәмийинлеўге, олардың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыўға бағдарланған бул әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўда да, тилекке қарсы, ақсаўға ҳәм кемшиликлерге жол қойылмақта.

Президентимиз аймақларды раўажландырыў бойынша мәмлекетлик уйымлардың орны ҳәм жуўапкершилиги туўралы сөз етип, өткен ҳәптеде Самарқанд ўәлаятына сапар етиўи даўамында айырым басшылардың бийпәрўалығы ҳәм ҳәрекетсизлиги ақыбетинде бул аймақта жүдә көплеген үлкен машқалалар топланып қалғаны мәлим болғанын қатты сынға алды. Әсиресе, ўәлаят ҳәкими ҳәм оның орынбасарлары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ўәлаят ведомстволарының басшылары арасында әмелий және жақсы қатнасыққа зыян жеткени Самарқандтың бүгинги раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте. Ўәлаят ҳәкиминиң жәмийетшиликтиң ҳәм басшылардың пикирин есапқа алмай ис тутыўы, орынлаўшыларға үстиртин ойланған ўазыйпалар менен тапсырмаларды бериўи, онда жигерлилик  ҳәм инталылық, жуўапкершиликти исенимли түрде өзине алыў пазыйлетлериниң жетиспеўи ҳәзирги ўақытта ўәлаятта оғада үлкен ўазыйпаларды шешиў имканиятын бермей атыр. Халық пенен тиккелей пикирлесиў жоқ, ғалаба хабар қураллары менен байланысларда үзилис пайда болған.

Бул аймақта салынып атырған объектлерди қурыў, инвестициялық қаржыларды өзлестириў жумыслары ақсамақта, экспортқа шығарылатуғын жергиликли өнимлердиң көлемин кеңейтиў тәмийинленбей атыр. Қала ҳәм районларда абаданластырыў, адамлар ушын қолайлы, таза-азада орталық жаратыў мәселелери де өз ҳалына таслап қойылған. Ўәлаяттың қаржы ҳәм салық уйымларының салық базасын кеңейтиў имканиятларын излеў және оларды толық иске қосыў жумыслары менен жеткиликли дәрежеде шуғылланбай атыр. Әне усы машқалаларды шешиў, бул жолда пүткил Самарқанд халқын бирлестириў ҳәм өзиниң изинен ертиў ушын ўәлаят ҳәкими Ҳ.Оқбўтаевта билим ҳәм потенциал, басшылық тәжирийбеси жетиспеди.

Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Ҳ.Оқбўтаев жумысында жол қойған әне усындай үлкен кемшиликлери ушын ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.

Мәжилисте елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар менен мәмлекетлик бағдарламалардың тийкарғы мақсети халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға, олардың аўырын жеңиллетиў  және халық дастурханының молшылығын тәмиийнлеўге бағдарланғаны айрықша атап өтилди. Соның ушын да орынларда халық пенен пикирлесиў, халықты ойландырып атырған тәшиўишлер менен машқалаларды ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында қабыл етилип атырған ҳәр бир нызам, пәрман ҳәм қарардың орынланыўы қатаң қадағалаўға алыныўы және сөзсиз орынланыўы зәрүрлиги еслетип өтилди.

— Бул бизиң турақлы, қатаң сиясатымыз ҳәм оны әлбетте жуўмағына жеткеремиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Министрлер Кабинети комплекслери, министрликлер менен ведомстволар, хожалық бирлеспелери басшыларының, ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимлериниң есаплары ҳәр тәреплеме талқыланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА