Күни кеше, 27-декабрь күни Ташкент қаласындағы Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мектепте Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Шыраз Турсынбаев Қарақалпақстанда «Опера мектеби»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысын билдирди. Бул усыныс Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мақулланды, деп хабар бермекте Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының мәлимлеме хызмети.
– Мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнерге айырықша итибар берилмекте. Ҳәзирги күнде Қарақалпақстаннан көплеген опера атқарыўшылар жетилисип шықпақта. Атап айтқанда, Кеңесбай Сержанов, Мияссар Раззақова, сондай-ақ, елимиз байрағын бәлентлерге көтерип жүрген Жеңисбек Пиязовлар да солар қатарында. Опера өнерин раўажландырыў мақсетинде Нөкис қаласында опера театры ҳәм опера мектебин шөлкемлестириўди усыныс етемен, – деди Ш.Турсынбаев.
Жас талант ийеси «Мойнақта» қосығын жанлы ҳаўазда атқарып, қарақалпақ жасларының Президент пенен бирге екенлигин атап өтти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.