Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў, соның ишинде, жер участкалары ҳәм имаратлар, кредитлер ажыратыў, рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў бойынша бюрократиялық тосықларды сапластырыў ҳәм басқа да мәселелер жөнинде исбилерменлердиң мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде қабыллаў болып өтти.

Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басшылары, Саўда-санаат палатасының исбилерменликке жәрдемлесиў орайлары, салық инспекциясы, инвестициялар ҳәм саўда, әдиллик, қурылыс, мәмлекетлик кадастр уйымлары, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Әдиллик министри С.Худайбергеновлар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда республикамызда исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратылып, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Қабыллаўда билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги қурылысы тамамланбаған өндирислик ҳәм басқа да объектлерге газ ҳәм электр энергиясын тартыў, кредит алыў мәселелери болды.

– Өзимниң қурылысы тамамланбаған имаратымды питкерип, сол жерден мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыўды нийет еткен едим,-дейди Шымбай районындағы «Шағала» МШБШ баслығы Бахтияр Абытов. – Сол мақсетте усы жылы «Өзсанаатқурылысбанк»тен бир ярым жыллық мүддетке 389 миллион сумлық кредит алдым. Ал, МШБШның сметалық баҳасы  1 миллиард 203 миллион 768 мың 218 сумды қурайды. Банктен алынған қаржыға ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк»тиң кепиллик хаты менен қосымша қарыз бенен имарат питкерилип, үскенеленди. Усы жыл ноябрьде бақшамыздың ашылыўы болып өтти. Енди кредитти ҳәм қарызларды төлеў ушын қаржы таба алмай атырман. Соның себебинен бақшамыз ислемей турыпты. Қосымша кредит ала алмағаным ушын қыйналып турғанымды айтып мүрәжат еттим. Мүрәжатым тийисли тәртипте көрип шығылатуғын болды.

– Мен өз үйимде қусшылық пенен шуғылланыў бойынша «Микрокредитбанк»тен 15 миллион сумлық кредит алыў бойынша шәртнама дүзип, бир неше айдан берли усы қаржыны ала алмай киятырғанымды айтып мүрәжат еткен едим,-дейди С.Турдымамбетова. – Мүрәжатым бойынша банк басшыларына усы жердиң өзинде тапсырма берилип, январь айында кредит берилетуғын болды.

Қабыллаўда билдирилген айырым мүрәжатлардың тийисли тәртипте көрип шығылыўы келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.