Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев арасында 12-июнь күни телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.
Президентимиз 2017-жыл 8-9-июнь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын Астана қаласына сапар етиўи ўақтында Өзбекистан делегациясына көрсетилген ҳүрмет-иззет ҳәм миймандослық ушын Қазақстан Президентине шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Қазақстан пайтахтында болып өткен бул саммит ШБШ жумысын раўажландырыўда тарийхый ўақыя болғаны айрықша атап өтилди. Ҳиндстан ҳәм Пакистанның Шөлкемге тең ҳуқықлы ағзалыққа қабыл етилгени саммиттиң тийкарғы нәтийжелеринен бири сыпатында атап өтилди. ШБШ шеңбериндеги белсенди бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди. Президентимиз Қазақстан басшылығын «Астана ЭКСПО – 2017» халықаралық көргизбесиниң жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени менен қутлықлады ҳәм илаждың табыслы өтиўине тилек билдирди. Бул көргизбе регионымыз мәмлекетлерин буннан былай да раўажландырыў бағдарында жоқары технологияларды ҳәм инвестицияларды тартыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди. Мәмлекет басшылары өз-ара бирге ислесиўге, регионаллық ҳәм халықаралық сиясатқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты. Сөйлесиў Өзбекистан – Қазақстан қатнасықларына тән шын жүректен, дослық, өз-ара түсинисиў ҳәм ҳүрмет руўхында болып өтти. ӨзА