Усы жыл 2324-декабрь күнлери Өзбекстан Шахмат федерациясы ҳәм Жазыўшылар аўқамы бирликте биринши мәрте Өзбекстан қаҳарманы, халық шайыры Эркин Воҳидовтың естелигине бағышлап шахмат турнирин өткерди.

Шахмат федерациясы тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, турнир Рапид бағдарында 7 турда, еки топарға бөлинип, швейцарша системада, ФИДЕ қағыйдалары бойынша өткерилди.

Турнирде ФИДЕ халықаралық рейтингинде 2000 баллдан жоқары көрсеткишке ийе профессионал шахматшылар ҳәм Өзбекстан жазыўшылар аўқамы менен Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы тәрепинен усыныс етилген ҳәўескерлерден  100 ден аслам профессионал ҳәм ҳәўескер шахматшылар қатнасты.

Жарыс шахмат бойынша жоқары дәрежели қәнигелер тәрепинен бақлап барылды.

Ҳәўескерлер арасында Мурод Юсупов биринши, Яҳё Тоға екинши, Элдор Fафуров үшинши, ал, профессонал шахматшылар арасында Шамсиддин Воҳидов биринши, Георгий Шванов екинши, Марат Джумаев үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Турнир соңында Эркин Воҳидовқа Өзбекстан шахмат Федерациясының «Ҳүрметли гроссмейстери» атағы, Өзбекстан Шахмат Федерациясының алтын медалы берилди. Оны Эркин Воҳидовтың улы Ҳуршид Воҳидов қабыл етип алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.