Халықаралық баспасөз орайында мәмлекетимизде болып өткен парламентлик сайлаўларды бақлаў ушын елимизге келген ШБШ миссиясы ўәкиллериниң қатнасыўында пресс-брифинг болып өтти.

ШБШ Бас хаткериниң орынбасары, ШБШ бақлаўшыларының басшысы Се Сяоюн миссия 15 жылдан берли жумыс ислеп атырғанын, Өзбекстанда жумыс алып барған топар қурамында Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Қытай, Пакистан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден 20 бақлаўшы бар екенлигин атап өтти.

Өзбекстанға 2019-жыл 16-декабрь күни келген ШБШ миссиясы ағзалары сайлаў күнине шекем сайлаўға таярлық процеси менен танысты. Өзбекстанда сайлаўды демократиялық тәризде өткериў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылғаны, соның ишинде, сайлаў участкаларында сайлаўшылар ушын барлық шараят жаратылғаны, халықаралық стандартларға муўапық келетуғын, сайлаўға байланыслы бир неше нызамларды бирлестирген Сайлаў кодекси қабыл етилгени атап өтилди.

ШБШ миссиясы ағзалары Ташкент, Ферғана, Наманган, Әндижан, Самарқанд, Бухара ўәлаятларындағы сайлаў участкаларында болып, таярлық процеси ҳәм сайлаўдың барысын тиккелей бақлаған.

Имканияты шекленген шахслардың сайлаўда қатнасыўы ушын қолайлы шараятлар таярланғаны, мүдеттинен бурын даўыс бериў имканиятлары жаратылғаны да сырт елли бақлаўшылардың дыққатын тартты.

Халық сайлаўларда белсене қатнасты. Бақлаўшылар сайлаўдан бурын да, сайлаў күни де  пуқаралар ҳеш қандай шағым билдирмегенин атап өтти.

Ушырасыў соңында ШБШның жуўапкер ўәкили Өзбекстанда сайлаўлар ашық-айдын, демократиялық тәризде табыслы өткени менен халқымызды қутлықлады.

 

ӨзА