Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетте өлим жазасы пүткиллей бийкар етилиўи ҳәм  мәмлекетте  өлим жазасын бийкар етиўге қаратылған Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар хаққындағы халықаралық пакттиң екинши протоколында қосылуғынын жәриялады.

«Сыртқы ислер министрлигине өлим жазасын бийкар етиўге қаратылған Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар хаққындағы халықаралық пакттиң екинши факультативлик протоколына қосылыў процесин баслаў ўазыйпасы тапсырылды», деди мәмлекет Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Миллий жәмийетшилик исеними кеңесиниң мәжилисинде.

Қазақстанда өлим жазасын қолланыўға 2003-жылдан баслап мүддетсиз мониторинг енгизилген. 2004-жылдан берли оның орнына өмирликке еркинен айырыў жазасы қолланылмақта.

Бул ҳүким мәмлекет конституциясының 17-статьясы бойынша шығарылыўы мүмкин: «Урыс ўақтында қадаған етилген қуралларды  ҳәм усылларды қолланыў», «Геноцид», «Жаллаў», «Урыс ўақтында ўатанға қыянет», «Қазақстан Республикасы Президентиниң  өмирине жаўызлық», (егер ол тири қалған жағдайда да), «Диверсия», «Терроризм акти», сондай–ақ, «Урыс ўақтында әскерий хизметтен бас тартыў», ҳәм тағы басқалар.

Мағлыўмат орнында атап өтсек, Қазақстан ғарезсизликке ерискенинен кейин 536 өлим ҳүкими орынланған.

 

ӨзА