Бүгин, 23-декабрь күни сайлаў нәтийжелери жәрияланғаннан соң, барлық партиялардың басшылары қатарында «Адолат» СДП баслығы Наримон Умаров та сайлаў бойынша өз мүнәсибетин билдирди. Оның атап өтиўинше, сайланған депутатлардың 36% ин ҳаял-қызлар қурайды.

– Әлбетте, оғада үлкен процесс жуўмақланды. Елимиздеги үлкен өзгерислердиң бир басқышы жақсы жуўмақланғаны, халқымыз бул сайлаўға бийпарқ болмастан, белсене қатнасқаны менен қутлықлаймыз. Ең тийкарғысы, сиясий партияларға бирдей шараят жаратылды.

Сайлаўлардың ең қуўанышлы тәрепи, ҳаял-қызларымыздың 36% сайланғаны болды, мен ойлайман, оғада үлкен революциялық өзгерис болды, – деп айтып өткен Н.Умаров.

Еслетип өтемиз, Нызамшылық палатасына сайлаў өткерилген 22 округте талабанлардың биреўи де жетерли муғдарда даўыс ала алмағанлығы себепли усы округлерден депутат сайланбады. Енди усы округлер қайта даўыс бериў болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.