2020-жылдың январь айынан баслап бир неше түрдеги ҳуқықый ҳүжжетлер күшке киреди. Жәмийетшилик арасында қызғын додалаўларға себепши болған Тойлар ҳәм басқа мәресимлерди тәртипке салыўшы Устав та усылар қатарына киреди. Сондай-ақ, жумыс алып бармай атырған исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртиби әпиўайыластырылады. Халықтан талап етилетуғын ҳүжжетлердиң саны бир нешеге азайтылыўы жобаластырылған. Булар ҳаққында төменде толық оқыўыңыз мүмкин.

 

Той-мерекелер тәртипке салынады

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты кеңесиниң «Тойлар, шаңарақлық байрамлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қоспа қарарына муўапық:

1) Той, шаңарақлық байрамлар, мереке ҳәм мәресимлер (жерлеў мәресиминен тысқары) 1 күн болады;

2) Олар саат 06:00-23:00 аралығында өткериледи;

3) Шараятқа қарап ас бериў ўақты халық депутатлары тәрепинен айырықша белгиленеди;

4) 200 ге шекем адам қатнасады, ас бериўге 250 ге шекем;

5) Қос тойда 250 ге шекем, ас бериўде 300 ге шекем;

6) Жерлеў мәресиминде шекленбеген адам қатнасыўы мүмкин, ас бериў ўақты буған кирмейди;

7) Кортежде 3 еўден көп машина қатнасыўы мүмкин емес;

8) Диний ўазды тек рухсаты бар адам оқыйды;

9) «Келинниң дослары», «Шақырыў», «Ата көрди», «Сеп жайды», «Қуда шақырық», «Күйеў шақырыў», «Келин шақырыў», «Табақ жибериў», «Пул шашыў» ҳәм басқаларды өткериўге жол қойылмайды;

10) «Жетиси», «Пийшембиси», «Жигирмасы», «Қырқы», «Жыл садақасы», «Пул тарқатыў», «Таўар бериў» ҳәм басқаларды өткериўге жол қойылмайды;

11) 50 ҳәм оннан аслам адамлар қатнасыўындағы тойлар, шаңарақлық байрамлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў ушын илажды өткерип атырған адам ҳәм тойхана, кафе ҳәм ресторан басшысы арасында шәртнама дүзиледи;

12) Тойды басқаратуғын артист, фотограф ҳәм басқалар менен шәртнама дүзиледи;

13) 2 еўден артық қосықшыға (топар) рухсат берилмейди;

14) Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси, Республикалық «Нураный» қоры, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Ҳаял-қызлар комитети, «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан мусылманлары басқармасы, Өзбекстан жаслар аўқамы өз ўәкилликлери шеңберинде усыларға жуўапкер болады.

 

Исбилерменлик субъектин сапластырыў әпиўайыластырылады

 

Усы жылдың 7-июнь күни Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев «Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойған еди. Оған муўапық, 2020-жыл 1-январьдан төмендегилер белгиленеди:

– қаржы-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған ҳәм (ямаса) нызамшылықта белгиленген мүддетлерде өзлериниң устав қорларын қәлиплестирмеген кәрханаларды сапластырыў бойынша турақлы ислейтуғын арнаўлы аймақлық комиссияларды сапластырыў;

– дизимге алынған ўақыттан баслап бир жыл ишинде устав қоры шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда қәлиплестирилмегенлиги ушын исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин бийкар етиў.

 

ҚҚС бойынша жаңа тәртиплер күшке киреди

 

Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың 10-июль күнги «Салық ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық:

– ҚҚСти төлеўге өтетуғын юридикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер салық уйымларына усы салықтың төлеўшиси сыпатында мәжбүрий есапқа алынады ҳәм бул ҚҚС суммасын есапқа алыўдың шәрти болып есапланады;

– ҚҚСти төлеўге өтиўде оның суммасы ҚҚСти төлеўге өтилген сәнеден алдынғы ақырғы 12 айда сатып алынган товар-материаллық қорлардың тастыйықланған қалдықлары бойынша реализация көлемине сәйкес келетуғын үлесте есапқа алынады;

– ҚҚСти төлеўге өтиў ямаса Бирден-бир салық төлемин (БСТ) төлеўден бас тартыў ҳаққындағы хабарнама ҚҚСти төлеўге өтилетуғын ай басланыўынан 10 жумыс күнинен кешиктирилместен усынылады.

 

Бюрократия дәрежеси азаяды: 29 мәкемелер аралық комиссия ҳәм кеңеслер сапластырылады

 

2019-жыл 9-декабрьде Президенттиң «Бюрократиялық тосықларды буннан былай да қысқартыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысларына заманагөй басқарыў принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Өзбекстанда 2020-жылдан баслап 29 мәкемелер аралық комиссия ҳәм кеңеслер, соның ишинде, Министрлер Кабинети жанындағы Жол хожалығы кеңес, бажыхана тәртип-қағыйдалары ҳәм экспорт-импорт операцияларын жетилистириў бойынша жумысшы топар ҳәм басқалар сапластырылады.

 

Айырым нотариал ҳәрекетлер бийкар етиледи

 

«Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық, кәрхана ижарасы, бийпул пайдаланыў, бирлемши базарда мүлк лизинги ҳәм гиреў (ипотека) шәртнамаларын мәжбүрий нотариал тастыйықлаў бийкар етиледи.

 

Абаданластырыў хызметкерлерине аўқатланыў ушын компенсация бериў басланады

 

«Халық жасаў пунктлерин абаданластырыў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. 2020-жыл 1-январьдан абаданластырыў хызметкерлерине бир қатар үстемелер төленеди. Атап айтқанда, абаданластырыў бөлимлери хызметкерлерине аўқатланыў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында компенсация белгиленеди.

 

Айырым түрдеги хызметкерлер толық пенсия алыўды баслайды

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқаралардың пенсия тәмийнаты системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына өзгерислер киргизилди.

2020-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң пенсия алыў ҳуқықын беретуғын хызмет мүддетин атқарып, хызметтен босатылған және және жасқа байланыслы пенсия алатуғын пенсионерлери аттестацияланған лаўазымлар есабынан хызметке қайта қабыл етилген жағдайда оларға пенсиялартолық муғдарда төленеди.

 

Дәриханаларға камералар орнатылады

 

Усы жылдың 6-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Дәри-дәрмақ қуралларының нызамсыз айланысының алдын алыў илажларын күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

2020-жыл 1-январьдан баслап аўыллық шаңарақлық поликлиникалары ҳәм аўыллық врачлық пунктлери аймағында жайласқан дәриханалар және олардың олардың филиалларынан тысқары барлық дәриханаларда дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлардың реализация (бериў) процесин үзликсиз түрде видеоға жазып алыў және бир ай даўамында видео-жазыўларды сақлаў тәртиби енгизиледи. Бул механизм қатаң ислеўи ушын жаңаша тәртип дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализациялаўдағы лицензия талабы етип белгиленди.

 

Талап етилетуғын ҳүжжетлер биреўге азаяды

 

«Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық:

– 2020-жыл 1-январьдан баслап коммуналлық мәлимлеме системаларында көшпес мүлктиң жаңа ийелери ҳаққында мағлыўмат автоматласқан режимде болады. Соның менен бирге, коммуналлық хызметлер көшпес мүлкке болған ҳуқықты тастыйықлаўшы жаңа көшпес мүлк ийелериниң ҳүжжетлерин талап етиў ҳуқықына ийе емес.

 

Ислам Матеков,

Қаралпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.