Нөкис қаласындағы мектеплердиң биринде муғаллим болып ислейтуғын Г.П. интернет тармағы арқалы «Марк Роберт» исмли шахс пенен танысып қалады. Бийтаныс шахс оған АҚШта жайласқан абырайлы компанияға жумысқа орналастырыўды айтып, исенимине киреди, деп жазады postda.uz  сайты.

Сада ҳәм исениўшең ўатанласымыз июнь-август айлары даўамында ҳүжжетлер, виза, жол ҳақы ҳәм басқа да «қәрежетлер» ушын жәми 165 миллион 323 мың сум ақшасын халықаралық пул өткермелер арқалы Нигерия мәмлекетиңдеги есап бетлерине өткерип жибереди. Сырғыя усы күнге шекем берген «ўәде»син орынламады.

Ҳәзирги ўақытта жынаятқа қол урған шахсты анықлаў ҳәм услаў илажлары көрилген.

Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги