Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мәлим етиўинше, усы жылдың 20-декабрь күни саат 17:30 ларда Нөкис қаласындағы «Дийқан базары» алдында ЖПХ инспекторы А.Қосбергенов ҳәм мәмлекетлик номери 95 R 542 GA болған «Nexia» маркалы автомобиль басқарыўшысы Ж.Б. арасында жәнжел келип шыққан.

Хабарда жазылыўынша, дислокация тийкарында жумыс алып барыў ушын бириктирилген ЖПХ инспекторы «Nexia» маркалы автомобильдиң Жол ҳәрекети қағыйдаларының 3.27 (тоқтаў қадаған етилген) жол белгиси тәсири астында турғанын автомобиль басқарыўшысы Ж.Б.ға ескертип, тоқтаў қадаған етилген орыннан кетиўин сораған.

Сол ўақытта автомобиль ийеси Нөкис қаласының турғыны Ж.Б. ЖПХ инспекторының нызамлы талабына бойсынбастан, оны урыўға ҳәрекет етип, жәнжел шығарған. ЖПХ инспекторы А.Қосбергеновтың қасында хызмет алып барып атырған басқа бир ЖПХ инспекторы Ж.Мәмбетяров пуқара Ж.Б.ны услап қалып, оларды айырған.

Буннан соң «Nexia» маркалы автомобиль басқарыўшысына ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилип, автомобиль ўақытша жәрийма майданшасына қойылған.

Бул жағдай бойынша ҳеш ким дене жарақатын алмаған.

ЖПХ инспекторлары А.Қосбергенов ҳәм Ж.Мәмбетяровлар пуқара Ж.Б.ның ис-ҳәрекетлери бойынша шара қолланыўды сорап, мәлимлеме менен Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығына еткен мүрәжаты тийисли тәртипте нызамлы шешилиўи ушын Нөкис қалалық прокуратурасына жиберилген.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша хызмет тексериўи өткерилмекте, деп хабар берди ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.