БМШ Раўажланыў бағдарламасының «Арал бойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик фондын шөлкемлестириў арқалы Арал апатшылығынан зыян көрген халықтың жасаў шараяты потенциалын беккемлеў» қоспа бағдарламасы шеңберинде Тахтакөпир районындағы «Қараой» МПЖ «Пурхан өзек» аўылында узынлығы 1,5 километрлик суў қубырлары «Түйемойын-Нөкис-Тахтакөпир» орайлық магистралына жалғанды. Нәтийжеде 250 адам таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе болды, деп жазбақта «Газета» басылымы.

«Сувсоз» жәмийетиниң районлық бөлими баслығы А.Қарабалаевтың мәлим етиўинше, 2018-жылдан берли райондағы «Мақпалкөл», «Дәўқара», «Хожамет аўыл» ҳәм «Пурхан өзек» посёлкаларында жасайтуғын 4000 адам таза ишимлик суўы менен тәмийинленген. 2 суў тазалаў объекти толық реконструкцияланып, жаңа суў қубырларының узынлығы 10 километрден асламды қураған.

Сондай-ақ, райондағы «Ғәрезсизлик» МПЖда жайласқан 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң мәжилислер ҳәм спорт залы толық ремонтланды.

«Жаңадәрья» АПЖдағы 11-санлы балалар бақшасының төрт имаратының бири толық ремонтланды, бул жерде 60 қа шамалас бала тәрбияланбақта.

Атап өтилиўинше, Тахтакөпир районындағы ең шетки аўыллардың халқы үзликсиз электр тәмийнатына ийе болды.

Районда 160 ҳәм 250 киловатт қуўатлылыққа ийе болған 5 трансформатор орнатылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.