Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы мәжилислер залында партия электораты, Өзбекстан экспортшылар ассоциациясы, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспорт пенен шуғылланып атырған исбилерменлердиң қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов, Бажыхана басқармасынан Н.Хожанов ҳәм басқа да тийисли тараў ўәкиллери шығып сөйлеп, экспорт мәселелери бойынша түсиниклер берди.

Илажда Өзбекстан экспортшылар ассоциациясына ағза экпорт пенен шуғылланатуғын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў арқалы елимиздиң экпортлық мүмкиншилигин кеңейтиў мақсетинде өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, партия ҳәм экспортшылар ассоциациясы арасында усы жыл 25-ноябрьде дүзилген келисимди кең жәмийетшилик ўәкиллерине үгит-нәсиятлаўға келисип алынды.

– Дүзилген келисимде ӨзЛиДеПтиң депутатлық корпусы менен тараўға тийисли машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў, сапластырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер орын алған,-дейди Бизнес структураларын ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы М.Ахназарова.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.