Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитеты тәрепинен Мырза Улығбек инновациялық орайы, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Ташкент мәлимлеме технологиялары университети ҳәм Ташкент қаласындағы Инҳа университети менен биргеликте шөлкемлестирилген «ITWomenUz» жойбарының жеңимпазлары сыйлықланды.
Ташкент қаласындағы Инҳа университетинде өткерилген илажда сырт ел шөлкемлериниң ўәкиллери, Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлериниң хызметкерлери, МКТ қәнигелери, студент-жаслар ҳәм жойбар қатнасыўшылары қатнасты.
– Технологияға жаңалықлар киргизиўге ҳәрекет етемен, – деди «Фидо Бизнес» МЧЖ хызметкери Соҳибжамол Боева. – Бүгинги күнде адамлар жеңтл-желпи ҳәм әпиўайы сайтлардан зериккен. Усы жағдайды инабатқа алған ҳалда, олардың талғамына сай гөззал ҳәм адамды өзине тартатуғын порталлар, сайтлар жаратыў керек. Ең әҳмийетлиси, жаратылған сайт ўазыйпасына бола артықша нағыслардан жырақ болыўы керек. Бул жойбар жеңимпазларға көплеген имканиятлар береди. Олардан пайдаланған ҳалда тараўдағы жумысларымды және де избе – из даўам еттирмекшимен.
Илажда атап өтилгениндей, хәзирги ўақытта мәмлекетемизде мәлимлеме- коммуникация технологиялары тараўында 28 мыңнан аслам программист жумыс алып барса, солардың 9 мыңға шамаласын хаял-қызлар қурайды. «ITWomenUz» жойбары шеңберинде буған айрықша итибар қаратылды.
Онда қатнасыўшылар «Ең жақсы мобил қолланба», «Ең жақсы веб-сайт», «Ең жақсы программист», «Ең жақсы дизайнер» номинациялары бойынша сыйлықланды.
Жеңимпазларға естелик саўғалары тапсырылди. Атап өтилгениндей, мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында исбилерменлик жумысларын жолға қойыўди режелестирген хаял-қызларға кредит қаржылары ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары , Республика Ҳаял- қызлар комитетиниң баслығы Э. Боситхонова қатнасты.
Дилобор МАМАТОВА,
ӨзА ның хабаршысы